Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд мәмлекетлик университетиниң Биохимия институтының жумысы менен танысты.
Бүгинги күнде университетте 25 мыңнан артық студент тәлим алады. Бул жерде төрт – Агробиотехнологиялар ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги институты, Инженерлик физикасы институты, Түркология илимий-изертлеў институты ҳәм Биохимия институты шөлкемлестирилген.
Биохимия институты усы жылы университеттиң биология ҳәм химия факультетлери негизинде ашылды. Оның ушын кең көлемли қурылыс исленип, жети жаңа имарат қурылды. Соның ишинде, жәми мыңнан аслам орынға ийе 2 оқыў имараты, мәжилислер залы, оранжерея-ыссыхана, биологиялық изертлеўлер лабораториясы-гербарий менен студентлер асханасы қурылды.
Әҳмийетлиси, усы тәризде еки бағдар қәнигелерине бир майданда илимий излениўлер алып барыў имканияты жаратылды. Бул биология ҳәм химия бағдарындағы инновациялар интеграциясын жаңа басқышқа алып шығады.
Мәмлекетимиз басшысы институттағы оқыў ханалары, оранжерея, илимий лабораториялардағы шараятлар менен танысты. Профессор-оқытыўшылар менен сөйлести.
Олар келешекте онкологиялық дәри қуралларының химиялық трансформациясы тийкарында қәўипли исиклерге қарсы таңлап тәсир ететуғын жаңа дәри-қуралларын жаратыў режеси ҳаққында айтып берди.
Президент институт илимпазларын шет елде тәжирийбе арттырыўға жибериў, фармацевтика ҳәм химия өнимлерин ислеп шығыў, ғаўаша, жүзим, дәнниң жаңа сортларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди.
Ҳәзирги күнде Биохимия институтында 8 билимлендириў бағдарында 2 мың 800 студент билим алмақта. Улыўма, университетте 12 илимий ҳәм 67 оқыў лаборатория бар.
ӨзА