Усы жылдың 14-21-август күнлери Ферғана қаласында мектеп оқыўшылары арасында «Кеўилли стартлар»  телевизиялық спорт  ойынларыныӊ жуўмақлаўшы басқышы өткерилди.

Оған елимиздиң барлық аймақларынан усы жарыстың аймақлық басқышларында жеңимпаз болған командалар қатнасты.

Кескин беллесиўлерге бай болған жарыста Қарақалпақстан Республикасы атынан қатнасқан Нөкис районындағы 31-санлы улыўма орта билим бериў мектебиниң «Ақмаңғыт» командасы сыйлы 3-орынды жеңип алыўға миясар болды.



Жеңимпаз команда ағзалары район ҳәкимлиги, районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими, мектеп жәмәәти ҳәм ата-аналары тәрепинен салтанатлы түрде күтип алынды.

Онда шығып сөйлеген район ҳәкиминиң орынбасары Қ.Моятдинов, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы Нөкис районлық бөлими баслығы Н.Тоимбетовлар жеӊимпазларды ерискен  үлкен жетискенликлери менен қутлықлап, оқыўшылардың бул табысы  Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 32 жыллығы байрамына айрықша саўға болғанлығын атап өтти.

-Бул жарысқа пуқта таярлықлар көрдик,-дейди мектеп директоры Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириўиниң ағласы Бекполат Тилепбаев.-Жарыста дәслеп топарларға бөлинип, келеси басқышқа шығыў ушын беллести. Онда бизиң командамыз өз топарындағы Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятларынан келген заманласларын утып шықты. Кейинги басқышта болса, Әндижан ўәлаяты командасын жеңип, ярым финалға шығыўға миясар болды. Ал, ярым финалда болса, жарыс жеңимпазы болған ферғаналы оқыўшыларға 3:4 есабында жеңилип қалдық. Жарыс жуўмағында Ферғана ўәлаяты командасы биринши, наманганлы жаслар екинши, қарақалпақстанлы ҳәм жиззақлы оқыўшылар үшинши орынды ийелеўге миясар болды. Оқыўшыларымызды бул жарысқа таярлаўда мектептиң денетәрбия пәни муғаллимлери Омар Қыдырниязов, Жалғас Турдыбаев ҳәм Пахратдин Шараповлардың ислеген мийнетлери айрықша болды. Мен оларға мектебимиз жәмәәти атынан терең миннетдаршылық билдиремен.

Илажда жарыс жеӊимпазларына район ҳәкимлиги тәрепинен естелик саўғалары тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы