Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд ўәлаяты Ақдәрья районындағы 32-улыўма билимлендириў мектебин кирип көрди.
Конституциямызда Өзбекстан социаллық мәмлекет екени белгиленди. Бул бағдардағы ең әҳмийетли тараўлардан бири билимлендириў болып есапланады. Усы мақсетте жаңа мәкемелер қурыў менен бирге билимлендириўдиң мазмунын жақсылаўға да итибар қаратылмақта.
32-мектеп усы жылы капитал оңланды. Ол 782 оқыўшыға мөлшерленген. 22 класс ханасы, спорт залы, асхана, STEM лабораториясы, компьютер ханаларында заманагөй шараятлар жаратылған. Китапханада 1 мың 500 ден аслам көркем әдебиятлар жәмленген.
Бизге белгили, жасларды кеминде еки шет тили ҳәм бир заманагөй өнерге үйретиў мектеп билимлендириўиндеги тийкарғы бағдар сыпатында белгиленген. Мектептиң бос турған жер майданында жеңил конструкциялардан қосымша ханалар қурылып, 15 түрдеги кәсип-өнер ушын шараят шөлкемлестирилген. Оларда оқыўшылар компьютер, техникалық хызмет көрсетиў, тоқыўшылық, шаштәрезлик, косметология, гүлалшылық, оймакерликтиң дәслепки сабақларын үйренеди.
Президентимиз бул ханаларды кирип көрди, жазғы дөгерекке келген балалар менен сәўбетлести.
– Биз жоқары билимлендириўде қамтыўды кеңейтип атырмыз. Бирақ ҳәмме де университетте оқыўды таңламайды. Соның ушын перзентлеримизге мектепте-ақ шет тиллерин ҳәм өнерлер үйретиўди мақсет еткенбиз. Кимниң кишкене болса да қолында кәсиби болса, күни өтеди. Кейин және өз үстинде ислеп, шеберлигин арттырыўы да мүмкин. Мақсетимиз – ҳәр бир жасқа мүнәсип шараят жаратыў,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Шавкат Мирзиёев бул жерде муғаллимлер ҳәм мийнет ветеранлары менен сөйлести.
ӨзА