Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола, 22-23-август күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болды.

Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжанға мәмлекетлик сапарының екинши күнинде өмирлик жолдасы менен бирге Физулий қаласына келди.

Уллы мәртебели мийманларды Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ҳәм өмирлик жолдасы күтип алды.





Қала уллы әзербайжан шайыры ҳәм ойшылы Мухаммед Физулий ҳүрметине аталған. Өткен әсирдиң тоқсаныншы жылларына шекем Физулий районында санаат ҳәм аўыл хожалығы раўажланған. Бул жерде китапханалар, мәденият үйлери, музейлер, театрлар, бағлар ҳәм басқа да мәдений объектлер жумыс алып барған.

Өткен дерлик 30 жылда Физулий пүткил ўайран болып, «арўақ қала»ға айланған еди. Әскерий ҳәрекетлерге шекем бул жерде 18 мыңға шамалас халық жасаған.

2020-жылы қайта тиклеў жумыслары басланғаннан соң, қалаға әсте-әсте өмир қайтпақта. Турақ жайлар қурылып, социаллық ҳәм транспорт инфраструктурасы қурылмақта.


Бул әҳмийетли ҳәм аўыр жағдайда Өзбекстан Әзербайжан менен бирге. Халықларымыз арасындағы қатнасықлардың тамырлары узақ өтмишке ийе. Бизлерди бир дин, тил ҳәм дәстүрлер, руўхый қәдириятлар ҳәм мәденият уқсаслығы бирлестирип турады.

Беккем дослық ҳәм туўысқанлық белгиси сыпатында мәмлекетимиз жетекшиси 2021-жыл 31-март күни болып өткен Түркий кеңестиң рәсмий емес саммитинде Өзбекстан Қарабағ жериндеги естеликлер, мәденият ҳәм ағартыўшылық дәргайларын қайта тиклеўге өз үлесин қосыўға таяр екенин атап өткен еди.

Физулий қаласында 960 оқыўшыға мөлшерленген заманагөй мектеп қурылысы Президентимиз басламасының әмелий белгиси болды.


Мырза Улығбек атындағы 1-санлы мектепте 40 класс ханасы, 6 лаборатория, 2 информатика ханасы, 5 функционал оқыў ханасы, мәжилислер ҳәм спорт заллары, асхана, китапхана бар. Футбол майданы, дем алыс ҳәм илажлар өткериў ушын орынлар шөлкемлестирилген.

Жаңа мектеп халықларымызды және де тереңлестириў, өсип киятырған әзербайжанлы ул-қызларды Өзбекстанның бай тарийхы ҳәм мәденияты, уллы ата-бабаларымыздың мийрасы менен танысыўға хызмет етеди.

Еки мәмлекет жетекшилери өмирлик жолдаслары менен бирге рәмзий лентаны кесип, мектепти салтанатлы түрде ашты.


Президентлер оқыў имаратлары ҳәм мектеп аймағы менен танысып, оқыўшылар менен қызғын сәўбетлести, оларға оқыўда табыслар тиледи.

Соң мәмлекет басшылары Физулий қаласында қурылып атырған турақ жай комплексине барды. Президентлер комплекстеги хожалық ийелери менен ушырасты. Мәмлекетимиз басшысы оларды жаңа үйли болғаны менен қутлықлады.

Қызғын сөйлесиў ўақтында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан халықларының беккем дослығы ҳәм туўысқанлық байланыслары ҳаққында сөз барды.


Мәмлекетимиз жетекшиси Физулийда турмыс турақлы ҳалға қайтып атырғанынан қуўанышлы екенин билдирди. Президент Илҳам Алиев басшылығында Қарабағты қайта тиклеў ҳәм раўажландырыў, халықтың абадан турмысы ушын қолайлы шараятлар жаратыў бойынша алып барылып атырған дөретиўшилик жумысларын жоқары баҳалады. Әзербайжан халқына тынышлық, татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Мәмлекет басшылары жаңа турақ жайларды кирип көрди. Соң жетекшилер бийикликтен турып бүлгиншилик ақыбетлерин ҳәм қурылыс процесин бақлады. Президентимизге Физулий қаласын қайта тиклеў режелери ҳаққында мағлыўмат берилди.

Күнниң екинши ярымында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасы Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев ҳәм өмирлик жолдасы менен биргеликте Шуша қаласының дыққатқа ылайық орынлары менен танысты.

Шуша «Қарабағ дүрданасы», «Кавказ көркем өнери орайы» ҳәм «Әзербайжан музыкасы бесиги» атлары менен белгили. Қала бир қатар белгили илим, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлериниң ўатаны болып есапланады.

2021-жылдан берли Шуша Әзербайжанның мәдений пайтахты болып есапланады, 2023-жылы болса түркий дүнья мәдений пайтахты деп жәрияланған.


Усы жылы Хийўа қаласы ҳәм Шуша қаласы арасында дослық байланыслары орнатылды.

Жоқары мәртебели мийманлар қала менен танысыўды 1883-жылы қурылған Саатлы мешитинен баслады.

Соң Әзербайжан улыўма миллий жетекшисиниң жүз жыллық юбилейине бағышлап өткерилген «Гейдар Алиев ҳәм Қарабағ» фотокөргизбеси менен танысты.

Шушаның бас майданына барылды. Бул жерде Әзербайжан мәдениятының белгили ғайраткерлери Хуршидабону Нотавон, Булбул, Узейир Хожибейли бюстлери орнатылған. Өзбекстан тәрепи үлкен қызығыўшылық пенен қала халқын ишимлик суўы менен тәмийинлеп келген «Хан қызы» булағы, Әзербайжанның белгили көркем өнер ғайраткери Булбулдиң үй-музейи, «Меҳмондоровлар үйи» архитектуралық естелиги ҳәм өтмиште ат шабарлар арасында жарыслар өткерилген белгили Жидир тегислиги менен танысты.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары жуўмақланды.




ӨзА