22-23-август күнлери Қырғыз Республикасының Шолпан-Ата қаласында самбо бойынша ересеклер арасында жәҳән кубоги болып өтти.

Онда 24 салмақ категориясы бойынша беллесиўлер өткерилди.

Итибарлы тәрепи сонда, бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 3 алтын, 8 гүмис ҳәм 7 қола медалын қолға киргизиўге миясар болды.

Олардың арасында елликқалалы палўан қызымыз Шахзада Азатова да бар.

59 кг салмақта қатнасқан Шахзада Азатова барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медалды қолға киргизиўге миясар болды.

олтин

Сондай-ақ, бул жарыста Умида Жуманиязова да қатнасып, қола медалы ушын гүресте өз қарсыласынан жеңилип қалды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы