Республикамызда рак кеселлигиниң мастопатия түри 18-45 жас аралығындағы, жатыр мойны раги кеселлиги 40-50 жаслардағы ҳаял-қызларымыздың арасында көп ушыраспақта. Оларды ерте анықлап, емлеў ушын ҳаял-қызлар ҳәр 6 айдан турақлы түрде медициналық тексериўден өтип турыўы, организмде физикалық өзгерислерди, көкирек тусында аўырыўды сезсе дәрриў медициналық мәкемелерге көриниўи талап етиледи.

Усы бағдардағы профилактикалық илажларға өз үлесин қосыў мақсетинде Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясының Қарақалпақстан Республикалық ҳәм Нөкис қалалық кеңеслери «Ҳаял-қызлардың денсаўлығын беккемлеў – ӨзЛиДеП итибарында» темасында илажларды өткерип келмекте.

Нөкис қалалық медициналық бирлеспесинде «Ботаника» мәкан пуқаралар жыйынындағы ҳаял-қызлар менен әмелий сәўбетлесиў ҳәм бийпул медициналық тексериў шөкемлестирилди. Онда Республикалық Онкология диспансери, Саламатлық илимий изертлеў орайының Қарақалпақстан Республикалық бөлими, медициналық мәкемелердиң хызметкерлери, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Сәўбетлесиўде тийкарынан ҳаял-қызлар арасында көбирек ушырасып атырған рак бези (мастопатия)ниң ҳәм жатыр мойны рагиниң келип шығыў себеплери, оның ақыбетлери менен алдын алыў бойынша мәселелер талқыланып, медицина тараўы ўәкиллери өзлериниң мәсләҳәтлери және усынысларын берди.

Усы мәҳәлледе жасайтуғын 21 ҳаял ЭКГ, УЗИ, акушер-гинеколог, эндокринолог тексериўинен өтти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.