Саудия Арабстанының «Ал-Иттиҳод» клубы «Ливерпуль» ҳүжимшиси Муҳаммад Салоҳ ушын рекорд суммадағы шәртнаманы усынбақта.
Ол шәртнама бойынша 90 млн евродан аслам қаржы болып, бул усыныс етилген сумма «Ливерпуль» клубы бас тренери Юрген Клопптың пикирин өзгертеди деп ойламақта. Себеби, буннан сәл бурынырақ, германиялы қәниге Салоҳ пенен хошласыў нийети жоқлығын билдирген еди.
Ал, футболшының өзи болса, Саудия клубында еки мәўсим ушын 180 миллион евро алыўы мүмкин.
Егер, мерсисайдлылар бул трансферге разылық билдирсе, Муҳаммад Салоҳ Саудия лигасындағы ең қымбат трансферге айланады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы