Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-август күни өмирлик жолдасы менен мәмлекетлик сапар менен Баку қаласына келди.

Гейдар Алиев атындағы аэропортта мәмлекетимиз басшысын Әзербайжан Бас министриниң биринши орынбасары Яқуб Аюбов ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан – тили, дәстүри ҳәм үрп-әдетлери бир-бирине жүдә уқсас дос мәмлекетлер. Бул дослықтың тамырлары болса узақ тарийхтан қуўат алады.

«Авесто» китабы еки елдиң уқсас естелиги болып есапланады. Өзбек ҳәм әзербайжанның байрамы – Наўрызы бир. Халық аўыз-еки дөретиўшилигиниң бийбаҳа дүрданалары – «Гөрўғли», «Ғәрип Ашық», «Қорқыт ата» дәстанлары болса әзелий туўысқанлықтың тамырлары ҳаққында және де терең сөз етеди. Олардың көркем өнери, музыкасы үнлес. Усы жақтан да бул еки халық ўәкили сөйлескенде дилмашқа орын қалмайды.

Кейинги жыллары бул әзелий дослық, өз-ара бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилди. Еки мәмлекет Президентлериниң сиясий ерк-ықрары, узақты гөзлеп алып барып атырған сиясаты, әлбетте, дослық байланысларына жаңа руўх бағышлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Баку қаласына келгеннен соң, Әзербайжан халқының улыўма миллий жетекшиси Гейдар Алиев мәңги жерленген Фахр қыябынына барды.

Гейдар Алиевтиң ғәрезсиз Әзербайжанды қурыў ҳәм беккемлеў жолындағы хызметлери теңсиз. Мәмлекеттиң жедел раўажланыў дәўири ҳәм халықаралық майдандағы абырайының жоқарылаўы оның аты менен байланыслы.

Туўысқан өзбек халқы менен дослық қатнасықларын беккемлеўге бәрқулла айрықша итибар қаратқан Гейдар Алиевти елимизде жақсы биледи. Өзбекстанда оның жүз жыллық юбилейи кеңнен белгиленди. Усы мүнәсибет пенен почта маркалары басылған, ҳәр қыйлы мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий илажлар өткерилген еди.

Ташкентте Әзербайжан халқының улыўма миллий жетекшиси атындағы көше, оған бағышланған қыябан ҳәм естелик ашылған.

Шавкат Мирзиёев уллы мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер Гейдар Алиевтиң қәбирине гүл қойып, естелигине ҳүрмет көрсетти.





Буннан соң мәмлекетимиз басшысы Баку қаласындағы Шейитлер қыябанына барды.

Әзербайжан пайтахтының орайында жайласқан бул естелик комплексинде мәмлекеттиң азатлығы ҳәм аймақлық пүтинлиги жолында қайтыс болған ўатан қаҳарманлары жерленген.

Өзбекстан жетекшиси естеликке гүлшеңбер қойып, Әзербайжан ўатансүйгишлери естелигине ҳүрмет көрсетти.



«Зуғулба» резиденциясында мәмлекетлик сапар менен Әзербайжан Республикасында болып турған Өзбекстан Республикасы Президентин рәсмий күтип алыўға бағышланған салтанатлы мәресим болып өтти.

Өзбекстан жетекшиси Шавкат Мирзиёев ҳәм өмирлик жолдасын Әзербайжан Президенти Илҳам Алиев ҳәм өмирлик жолдасы қызғын күтип алды.

Резиденция майданында жоқары мәртебели мийман ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты. Мәмлекет басшылары ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтти.

Әскерий орекстрдиң атқарыўында еки мәмлекет гимнлери жаңлады.

Рәсмий күтип алыў мәресиминен соң Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиев тар шеңберде ушырасыў өткерди.








Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан Президентине сапар менен келиўге мирәт еткени ҳәм Өзбекстан делегациясына шын кеўилден көрсетилип атырған миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Жетекшилер Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы көп тәреплемели стратегиялық шериклик қатнасықларын және де кеңейтиў бойынша пикирлести.


Парламентлер, ҳүкиметлер, аймақлар, сыртқы сиясий ҳәм басқа да уйымлар, аналитикалық топарлар арасындағы байланыслар жеделлескени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Кейинги жыллары өз-ара товар алмасыў көлеми турақлы пәтте артып бармақта. Қоспа кәрханалардың саны 4 есеге көбейди.

Әзербайжанда Өзбекстан автомобильлерин жыйнаў, пиллешилик ҳәм тоқымашылық кластерлери шөлкемлестирилгени нәтийжели бирге ислесиўге мысал бола алады.

Сапар алдында өткерилген бизнес-форум нәтийжесинде жаңа кооперациялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамаларының салмақлы топламы қәлиплестирилди.

Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери энергетика, машина қурылысы, металлургия, қала қурылысы, аўыл хожалығы, пайдалы қазылмалар, тоқымашылық, пиллешилик, фармацевтика, электротехника ҳәм басқа да тармақларда санаат кооперациясын кеңейтиў перспективаларын додалады.

Биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде Өзбекстан – Әзербайжан инвестиция компаниясының нәтийжели жумысын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Транспорт ҳәм транзит тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Орта коридор арқалы жүк тасыўды көбейтиў, логистика ҳәм портлардың инфраструктурасын биргеликте раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Президентлер аймақлараралық бирге ислесиўди раўажландырыў, жаңа кооперациялық жойбарларды биргеликте ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў ушын еки мәмлекет аймақлары басшыларының турақлы ушырасыўларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенин атап өтти.

Тәреплер мәдений-гуманитарлық алмасыўларды кеңейтиў, билимлендириў ҳәм илим тараўында биргеликтеги бағдарламаларды әмелге асырыўға таярлығын билдирди.

Халықаралық терроризм, экстремизм, наркотрафикалық, кибержынаятларға қарсы гүресиў бағдарында ҳәрекетлерди бирлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша пикир алысты, көп тәреплеме структуралар шеңберинде жедел сөйлесиўди ҳәм өз-ара қоллап-қуўатлаўды даўам еттириў мәселелерин додалады.

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳам Алиевтиң сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди, бәринен бурын, сиясий, саўда-экономикалық, транспорт-коммуникациялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларда раўажландырыў мәселелери додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы дини бир, қәдириятлары, дәстүрлери, тили ҳәм мәденияты уқсас болған халықларымыз арасындағы қатнасықлар кейинги жыллары ең жоқары дәрежеге көтерилгенин атап өтти.

Өзбекстан басшысы Әзербайжан халқын белгили мәмлекетлик ғайраткер, улыўма миллий жетекши Гейдар Алиевтиң 100 жыллық юбилейи менен қутлықлады.

Президентлер күни кеше еки мәмлекет жетекши  компанияларының қатнасыўында өткен бизнес-форум жуўмақларын жоқары баҳалады.

Саўда ҳәм санаат кооперациясында жедел өсиў бақланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Жақын жыллары үшинши мәмлекетлерден баҳалы импорттың орнын миллий ислеп шығарыўшылардың арзан ҳәм сапалы өнимлери менен басыў арқалы товар алмасыўды 1 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар екенлиги көрсетип өтилди.

Санаат кооперациясы ҳаққында сөз болып, Президентлер энергетика, металлургия, пайдалы қазылмалар, машина қурылысы, электротехника, тоқымашылық, фармацевтика, агросанаат ҳәм басқа тармақларда әҳмийетли жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша исенимли келисимлерге ерисилгенин жоқары баҳалады. Бундай жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын биргеликтеги Инвестиция қорының қаржыларын белсене өзлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Аймақлар арасындағы бирге ислесиўди раўажландырыў, атап айтқанда, олардың санаат потенциалын есапқа алған ҳалда жаңа кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў ушын аймақлық ҳәкимшиликлер басшыларының тиккелей сөйлесиўин ҳәм турақлы ушырасыўларын жолға қойыў идеясы қоллап-қуўатланды.

Жетекшилер транспорт ҳәм транзит тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў стратегиялық жақтан зәрүр екенлигин атап өтти.

Өткен жылы Өзбекстан жүклерин Баку порты арқалы тасыў көлеми дерлик еки есеге артты. Мәмлекетимиз буннан былай да Әзербайжанның заманагөй транспорт тармағынан пайдаланып, жүк тасыўды көбейтиў нийетинде.

Усы мәниде, Транскаспий коридоры шеңберинде биргеликтеги логистика компаниясын шөлкемлестириў, сондай-ақ, Баку қаласы ҳәм үшинши мәмлекетлер портларында  қоймахана инфраструктурасы ҳәм логистика орайларын қурыў илажлары додаланды.

Мәдений-гуманитарлық байланысларды беккемлеўге қаратылған бир қатар келисимлерге ерисилди, соның ишинде, Мәденият ҳәм кино күнлери, дөретиўшилик ҳәм илимий зиялылар, жаслар шөлкемлериниң ушырасыўларын өткериўге келисип алынды.

Мәжилис даўамында сыртқы сиясий уйымлардың басшылары, Ҳүкиметлераралық комиссияның жәрдемши баслықлары, транспорт ҳәм энергетика, аўыл хожалығы ҳәм мәденият министрлериниң сөйлесиўлер күн тәртиби бойынша есабатлары тыңланды.

Соңында мәмлекет басшылары биргеликтеги «жол карта»ларын таярлаў ҳәм ерисилген келисимлерди нәтийжели әмелге асырыў механизмлерин шөлкемлестириўге тапсырма берди.

Жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер жуўмақланғаннан соң, еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Илҳам Алиев Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы арасында Жоқары мәмлекетлераралық кеңес шөлкемлестириў ҳаққындағы шәртанамаға қол қойды.

Буннан тысқары, сапар шеңберинде мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм уйымлар дәрежесинде 15 ҳүжжет қабыл етилди.

2023-2024-жыллары ҳәр тәреплеме стратегиялық шерикликти тереңлестириў бойынша «жол картасы», энергетика тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳаққында, жасларға байланыслы сиясат ҳәм спорт тараўларындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисимлер, Медиа тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша «жол картасы» усылар қатарына киреди.

Буннан тысқары, Пуқаралардың визасыз қатнаўлары ҳаққындағы келисимге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди, «Е-permit» руқсатнама бланклерин электрон алмасыў мәлимлеме системасын енгизиў, шаңарақ ҳәм балаларды қорғаў, азық-аўқат қәўипсизлиги бағдарында бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисилди ҳәм Қәўипсизлик кеңеслери секретариатлары арасындағы, киберқәўипсизлик тараўындағы бирге ислесиў ҳаққында меморандумларға қол қойылды.

Бул ҳүжжетлер Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы қатнасықлардың бир қатар перспективалы бағдарларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиўге хызмет етеди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын баянат берди.

Мәмлекетимиз басшысы әдеттегидей қызғын миймандослық ушын Әзербайжан жетекшисине миннетдаршылық билдирди.

– Сайлаўдан кейинги биринши сапарымды мине, усы Әзербайжанға әмелге асырып атырғаным рәмзий мәниге ийе. Бул еки тәреплеме бирге ислесиўимиз ең жоқары дәрежеге шыққаны, жақынласыўға өз-ара умтылыў бар екенлиги, шериклик ушын кең имканиятлар бар екенлигинен дәрек береди,-деди Өзбекстан Президенти.

Өзбекстан Әзербайжанның аймақлық пүтинлигин бәрқулла қоллап-қуўатлап келгени ҳәм буннан былай да қоллап-қуўатлайтуғыны атап өтилди. Усы мүнәсибет менен мәмлекетимиз жетекшиси Қарабағта тынышлық ҳәм турақлылық орнатыўы айрықша әҳмийетке ийе екенин атап өтип, бул жерде алып барылып атырған дөретиўшилик жумысларының көлеми ҳәм пәтин жоқары баҳалады.

Сөйлесиўлердиң нәтийжелери үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Оларда көп тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық мәселелери додаланды.

– Өзбекстан менен Әзербайжан арасында ҳеш қандай машқалалы мәселелер жоқ екенлигин атап өтиў орынлы. Биз туўысқан халықларымыздың мәплери жолында үлкен потенциалдан нәтийжели пайдаланыўдың жаңа имканиятлары менен механизмлерин излеў әҳмийетли екенине итибар бердик,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан ҳәм Әзербайданның Жоқары мәмлекетлераралық кеңесин шөлкемлестириў ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылғаны еки тәреплеме қатнасықларда жаңа басқышты баслап беретуғыны атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги ушырасыўлар ўақтында көп тәрепелеме шерикликтиң тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды.

Мәмлекет басшылары саўданы көбейтиў, санаат кооперациясы ҳәм логистика инфраструктурасын раўажландырыўға айрықша итибар берди. Автомобиль қурылысы, металлургия, энергетика, аўыл хожалығы, электротехника, тоқымашылық, туризм ҳәм басқа тармақлардағы ири жойбарлар додаланды.

Сондай-ақ, жаңа логистика шынжырларын раўажландырыў ҳәм инфраструктураны қурыў, жүк тасыў көлемин көбейтиў бойынша жойбарларды әмелге асырыўға келисип алынды.

Саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң және бир драйвери сыпатында еки мәмлекет аймақларының имканиятлары максимал дәрежеде иске қосылады. Ҳәкимлер, ҳәкимшилик басшылары жаңа кооперациялық жойбарлар ҳәм гуманитарлық алмасыўды әмелге асырыў ушын орынларда турақлы ушырасады.

Сөйлесиўлерде мәденият тараўындағы байланысларға айрықша итибар қаратылды.

Жақында Әзербайжанда Өзбекстан мәденияты күнлери үлкен табыс пенен өтти. Усы илажлар шеңберинде Бакуде өзбек классикалық әдебиятының уллы ўәкили Абдулла Қодирийдиң әзербайжан тилине аўдарылған «Өткен күнлер» романы таныстырылды.

Мәденият ҳәм кино күнлери, дөретиўшилик ҳәм илим ғайраткерлериниң ушырасыўлары турақлы өткерилип барылатуғын болды. Усы жылы Өзбекстанда биринши Өзбекстан-Әзербайжан жаслар форумы шөлкемлестириледи.

Жетекшилер Бирлескен Миллетлер Шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, ҒМДА, ЕҚБШ, Қосылмаў ҳәрекети ҳәм басқа да көп тәреплеме институтлар шеңберинде де нәтийжели қарым-қатнасты даўам еттириўге келисип алды.

– Бүгинги сөйлесиўлер стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге умтылысымыздың исенимли екенин және бир мәрте көрсетти. Ҳәрекетлеримиз анық нәтийжелерге қаратылған,-деди Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Әзербайжанға мәмлекетлик сапары даўам етпекте.

ӨзА