2021-жылдан берли август айының 20-сәнеси «Исбилерменлер күни» сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Сәне мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ҳәм оның орынлардағы партия шөлкемлери тәрепинен арнаўлы илажлар шөлкемлестирилип, партия электораты болған бир қатар исбилерменлерге миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнде елимизде исбилерменликти раўажландырыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, республиканың экспорт потенциалын арттырыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

– Экономикамыздың драйвери болған исбилерменлик тараўын еле де раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, байрам қабатында бир қатар белсенди исбилерменлеримиздиң орден ҳәм медальлар, «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланыўы елимиз исбилерменлерине қаратылып атырған үлкен итибардың белгиси,-дейди ӨзЛиДеП Нөкис қалалық Кеңесиниң аппарат баслығы Бахадыр Адилчаев.

Сәне мүнәсибети менен  районларда жумыс алып барып атырған бир қатар белсенди исбилерменлер хошаметленип, оларға партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Миннетдаршылық хатлары ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.




Қарақалпақстан хабар агентлиги