Венгрия Бас министри Виктор Орбанның мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен бирге әмелий сапар менен Будапешт қаласына келди.
Ференц Лист атындағы халықаралық аэропортта жоқары мәртебели мийманларды Венгрия Бас министри Администрациясы басшысы – министр Гергей Гуйяш ҳәм басқа да рәсмий шахслар күтип алды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Венгрия Бас министри Виктор Орбан менен ушырасыў өткерди.
Бас министр мәмлекетимиз басшысына Венгрияның миллий байрамы – әўлийе Иштван күнине бағышланған илажларда ҳәм усы күнлерде Венгрия пайтахтында өтип атырған жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионатының еркеклер арасындағы жуўырыў жарысларының финалында жеке өзи қатнасып атырғаны ушын шын кеўилден миннетдаршылық билдирди.
Өзбекстан жетекшиси, өз гезегинде, Венгрия Ҳүкимети ҳәм халқын миллий байрам менен шын кеўилден қутлықлады. Будапештте өткерилип атырған жәҳән бириншилиги бул мәмлекеттиң спорт тараўында бай дәстүрлерге ийе екенлиги ҳәм кейинги жыллары бул бағдарда жоқары табысларға ерисип атырғанының дәреги екенин айрықша атап өтти.
Өзбекстан менен Венгрия арасындағы стратегиялық шерикликти және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Әмелий бирге ислесиў барлық бағдарларда избе-из раўажланып баратырғаны үлкен қанаатланыўшылық атап өтилди. Жоқары дәрежедеги келисимлер нәтийжели әмелге асырылмақта, парламентлер, ҳүкиметлер, уйымлар ҳәм аймақлық ҳәкимшиликлер арасында нәтийжели байланыслар жолға қойылған. Өз-ара саўда көлеми артып бармақта, экономиканың ҳәр қыйлы тармақларында жетекши кәрханалар кооперациясы күшеймекте.
Венгрияның ОТР банки Өзбекстан банк-қаржы базарына кирип келгени стратегиялық әҳмийетке ийе екени ҳәм Европа бизнеси ушын әҳмийетли ишара болғаны тән алынды.
Буннан тысқары, Венгрияның Bonafarm, Gedeon Richter, Meditop, Wizz Air сыяқлы ири компаниялары Өзбекстан менен саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў жойбарларында белсене қатнаспақта.
Мәдений-гуманитарлық тараўдағы қоспа бағдарламаларды еле де алға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жылдың 20-август күнинен баслап Ташкент ҳәм Будапешт арасында тиккелей авиақатнаўлардың жолға қойылыўы исбилерменлик байланысларын жеделлестириў ҳәм туристлер ағымын арттырыўға хызмет ететуғын әҳмийетли ўақыя болатуғыны атап өтилди.
Регионаллық, соның ишинде, Түркий мәмлекетлер шөлкеми шеңбериндеги күн тәртиби бойынша толық пикир алысылды.
Бирлескен Миллетлер Шөлкеми ҳәм басқа да халықаралық структуралар шеңберинде тығыз ҳәм конструктивлик бирге ислесиўди даўам еттириўге келисип алынды.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрияға әмелий сапары даўам етпекте.
ӨзА