Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 16-апрельдеги «Еслеў ҳәм қәдирлеў күнине таярлық көриў ҳәм оны өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшыларынан хабар алып, оларды хошаметлеў бойынша бир қатар илажларды әмелге асырмақта.

2-май күни Федерация баслығы Ахмет Урумбаевтың басшылығындағы топар Беруний районында болып, ол жерде жасайтуғын Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Юсуп Сатимовтан хабар алды. Сәўбетлесип, саўғалар тапсырды.

– Екинши жер жүзилик урыс қаншадан-қанша ўатанласларымызды өз туўған-туўысқанларынан айырды. Бирақ, олардың атлары бүгин арамызда жасап атырған дослары, жақынларының тилинде жанлана береди. Олардың естелиги бизге тыныш-татыў, абадан  турмысымызды қәдирлеўге, жасларды Ўатанға садықлық руўҳында тәрбиялаўға шақырады,-дейди Ю.Сатимов.

– Фашизмге қарсы гүресте мәртлик үлигилерин көрсеткен, урыстан кейинги қыйыншылықларды жеңген қаҳарманлар, бүгинги абадан турмысымыз бенен тынышлығымыздың тийкарын салған Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары бәрқулла халқымыздың итибарында,-дейди Федерация қәнигеси Дилшода Дәўлетбаева.

Бул бағдардағы илажлар республикамыздың барлық қала ҳәм районларындағы жәмийетлер тәрепинен даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.