Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мәмлекетимиз исбилерменлери менен ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде өткерилген ушырасыўдағы шығып сөйлеген сөзи.
Ҳүрметли бизнес ўәкиллери, исбилерменлер, бүгинги сөйлесиў қатнасыўшылары!
Буннан еки жыл бурын жақсы бир тәжирийбе – Исбилерменлер күни алдынан ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде сизлер менен ушырасып, жыйналып қалған мәселелерге биргеликте шешим табыў әмелиятын жолға қойған едик. Бүгин де бул дәстүрди даўам еттирип, сизлер менен аман-есен, ҳош кейпиятта ушырасып турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Қәдирли ўатанласлар!
Кейинги 3-4 жылда халықаралық майданда болып атырған өзгерислер дүнья жүзи экономикасына, соның ишинде, миллий экономикамызға да үлкен тәсир көрсетип атырғанын ашықтан-ашық айтыў керек.
Ҳәр қыйлы қарама-қарсылықлар себепли логистика ҳәм өним жеткерип бериў шынжырының үзилгени, бирге ислесиўши мәмлекетлер валютасының қәдирсизленгени, глобаллық көлемде инфляция дәрежеси жоқары болып қалып атырғаны ақыбетинде қаржы ресурсларының қымбатлағаны сыяқлы факторлар тәсирин исбилерменлеримиз оғада жақсы биледи.
Буннан былай да аңсат болмайтуғынын тән алыў керек. Жол қойылған кемшиликлерден дурыс сабақ шығарып, тек ғана алдыға умтылсақ, бизиң мийнеткеш халқымыз, исбилерменлеримиз ҳәр қандай машақатты әлбетте, жеңип өтеди, мен оған исенемен.
Дәслепки ашықтан-ашық сөйлесиўимиз де әйне дүньядағы экономикалық дағдарыс ҳәм анықсызлық ҳәўижге минген дәўирде өткерилгени бийкарға емес. Себеби – бундай қыйын шараятта машқалаларды тиккелей бизнес ўәкиллериниң өзинен тыңлап, оларға биргеликте шешим табыў ҳәм бул арқалы жеделлик пенен қарар қабыл етиў ең дурыс жол екенин турмыстың өзи дәлийллеп берди. Мысал ушын, 2021-жылы болып өткен ашықтан-ашық сөйлесиў нәтийжелери бойынша 57, өткен жылы болса 55 баслама алға қойылған еди.
Булардың есабынан бизнести жүргизиўде қандай жеңилликлер болды? Исбилерменлердиң турмысында қандай унамлы өзгерислерге ерисилди? Улыўма етип айтқанда, биргеликтеги басламаларымыз нәтийжеси мәмлекетимиз экономикасына қандай унамлы тәсир көрсетти?
Бириншиден, өткен жылғы усыныслар тийкарында бизнес субъектлери микро, киши, орта ҳәм ири категорияларға бөлинди ҳәм олардың ҳәр бири менен айрықша көзқараслар тийкарында ислесиў системасы жолға қойылды.
Сондай-ақ, район ҳәм қалалар да 5 категорияға ажыратылды, 60 районға өз алдына салық, кредит ҳәм финанслық жәрдем режимлери енгизилди. Нәтийжеде бул районларда исбилерменлер өткен алды айда дерлик 1 триллион сум муғдарында жеңилликлерден пайдаланды. Буның есабынан 20 райондағы исбилерменлердиң дәраматы өткен жылға салыстырғанда 1,5-2 есеге артты. Басқаша етип айтқанда, усы жылдың биринши ярымында 7 триллион сумнан 11,5 триллион сумға көбейген.
Қалған 40 районның басшылары да исбилерменлер менен жақыннан ислесип, жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланғанында еди, 5-категорияға киретуғын район қалмайтуғын еди.
Екиншиден, қосымша қун салығын қайтарыў мүддети қысқартылып, өткен бир жыл ишинде –2022-жыл 1-августтан 2023-жыл 1-августқа шекем –6 мың кәрханаға 20 триллион сум қайтарып берилди. Әсиресе, экспорттан валюта түсимин күтпей, қосымша қун салығын интизамлы экспортшы кәрханаларға қайтарып бериў тәртиби енгизилгени нәтийжесинде 2 мыңнан аслам исбилерменлердиң есап бетине 7 триллион сум келип түсти.
Ең әҳмийетлиси, бул салық ставкасын 12 процентке түсиргенимиз есабынан қосымша қун шынжыры қатнасыўшыларының саны 26 мыңға көбейип, олардың жумысы «саядан» шықты. Қосымша қун салығын төлеўшилердиң саны 184 мыңға жетти.
Нәтийжесиз салық механизмлерин қолланыў ақыбетинде жүзеге келген салық қарыздарлығынан ўаз кешкенимиз есабынан бизнес ықтыярында 2 триллион сум қалды.
Үшиншиден, кредит бериўде айланыстағы товарлар, экспорт шәртнамалары, аккредитивлер ҳәм келеси түсимлерден де гиреў тәмийнаты сыпатында пайдаланыў системасы жаратылды. Бул имканияттан пайдаланған исбилерменлеримизге 1 миллиард доллар кредитлер берилди.
Сондай-ақ, микро-қаржы шөлкемлерин ашыў тәртибин аңсатластырдық. Соның нәтийжесинде мәмлекетимизде банклерге оптимал кредитлер базары пайда болды. Нәтийжеде кейинги бир жылда бундай шөлкемлердиң саны 1,5 есеге, олар ажыратқан кредит муғдары болса 3 есеге артты. Бир жылда банк емес шөлкемлер 3 триллион сум кредит берген.
Биз бажыхана аймағында қайта ислеў системасын әпиўайыластырдық. Нәтийжеде усы бажыхана режиминен пайдаланыўшы исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди. Мысал ушын, бир жыл ишинде усындай имканият арқалы 455 миллион доллар муғдарында өним экспорт етилди. Усы тәризде 110 миллион доллар муғдарында қосымша қун жаратылды.
Төртиншиден, бурын жаңа исбилерменлер ушын «кириў қыйын болған» 119 хызмет бойынша лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди ямаса хабардар етиў түрине өткерилди. Мәмлекетимиз аймағында тек ғана жүклерди автомобильде тасыў хызмет түри бойынша лицензияларды бийкар етиў есабынан жүк тасыў көлеми 1,5 есеге артты.
Бесиншиден, исбилерменлер өзлери айтсын, дурыс жумыс ислейтуғын салық төлеўшилердиң жумысында тексериўлер кескин қысқарғаны сезилди ме ямаса жоқ па?
Итибар бериң, 2023-жылдың алты айында тексериўлер өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 40 процент ямаса 104 мыңнан 64 мыңға азайған. Яғный, исбилерменлеримиз дурыс ислеў «саяда» жумыс ислеўден абзал екенин түсинип жетпекте. Соның ушын да салық есабатларын тапсырыў ҳәм камерал тексериў нәтийжелери бойынша финанслық жәриймалар қолланыўды бийкарладық.
Улыўма етип айтқанда, өткен бир жылда киши исбилерменлер саны 40 мыңға көбейип, 490 мың, орта исбилерменлер саны 2 мыңға артып, 10 мыңға жетти. Ири кәрханалар саны болса бир жылда 400 ге көбейип, 1,5 мың болды.
Берилген жеңилликлерден пайдаланып, бир жылда 155 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллион доллардан артты. Киргизилген жыллық сырт ел инвестицияларының көлеми болса биринши рет 10 миллиард долларға жетти. Бул –2017-жылға салыстырғанда 3 есеге көп дегени.
Болып өткен ашықтан-ашық сөйлесиўлерден кейин соңғы еки жылда кәрханаларымыз тәрепинен 25 миллиард долларлық өнимлер экспорт етилди ҳәм бурын импорт етилген 10 миллиард долларлық өнимди өзимизде ислеп шығарыў жолға қойылды.
Ҳүрметли бизнес ўәкиллери!
Жоқарыда атап өтилген барлық нәтийжелеримиз интакер, исбилермен ҳәм пидәкер исбилерменлеримиздиң мийнети менен болмақта ҳәм биз оны жоқары қәдирлеймиз.
Усы мүнәсибет пенен бул жетискенликлерге ерисиўде үлкен үлес қосып киятырған, жаңа идеялардың басламашысы болған киши исбилерменлеримизге, экономикамыз локомотивине айланған орта бизнес ўәкиллерине, мыңлаған жумыс орынларын жаратып, адамларымызды дәраматлы етип атырған ири кәрханалардың басшыларына, базарларымызға берекет алып кирип атырған кластер, фермер ҳәм дийқанларымызға өзимниң қызғын миннетдаршылығымды билдиремен.
Мине, бүгин де бир топар исбилерменлеримиздиң мәмлекетимиздиң раўажланыўына қосқан үлесин жоқары хошаметлеп, олардың 44 ин орден ҳәм медальлар менен, 126 сын болса «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықладық.
Пурсаттан пайдаланып, бул хошаметке ийе болған исбилерменлеримизге және бир мәрте терең миннетдаршылық билдиремен ҳәм сизлердиң қатарыңыз күн сайын кеңейип баратуғынына исенемен!
Әзиз ўатанласлар!
Бир нәрсени тән алыў керек, жети жыллық ҳәрекетлеримиз нәтийжесинде Жаңа Өзбекстанда жаңа исбилерменлер класы қәлиплести.
Хабарыңыз бар, бул жыл – сиясий илажларға бай жыл болды. Баслаған реформаларымыз артқа қайтпайтуғын түрде енгенин кепиллеў мақсетинде халқымыз жаңаланған Конституцияны қабыл етти.
Ең әҳмийетлиси, Бас нызамымызда биринши рет қолайлы инвестициялық ҳәм исбилерменлик орталығын тәмийинлеў, мүлкке қол қатылмаслық, базар қатнасықларын раўажландырыў ҳәм ҳадал бәсеки ушын шараятлар жаратыў, суд еркинлиги бойынша мәмлекет өзине анық миннетлемелер алды.
Сайлаўалды ушырасыўларда айтылған үлкен шеклерге ерисиў ушын келеси жети жыллық реформаларымыз бағдарламасының жойбары август айы басынан кең жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды. Додалаўларда бир миллионнан аслам пикир-усыныслар билдирилгени, онда исбилерменлеримизден елимиздиң келеси раўажланыўы ушын әҳмийетли болған көплеген жаңа басламалар келип түскени бизди, әлбетте, қуўандырады.
Соның менен бирге, биз барлық мәселелерди шештик, деп айта алмаймыз. Бизнеске жаңа имканиятлар жаратыў, шараятларды буннан былай да кеңейтиў бойынша еле алдымызда исленетуғын жумысларымыз көп.
Жаратқанның бизге мәрҳамат еткен ҳәр бир күни, бәршемиз ушын жаңа имканият. Сөз не ҳаққында екенин исбилерменлеримиз ҳәммеден де жақсы түсинеди. Буннан үнемли пайдаланып, имканиятты нәтийжеге айландырыў ушын бәршемиз тынымсыз излениўимиз, жаңа идея ҳәм басламалардан қорықпай, және де көбирек мийнет етиўимиз керек.
Ҳүрметли исбилерменлер!
Бул сөйлесиўимиз алдынан исбилерменлеримизден 6 мыңға шамалас мүрәжат етип түсти. Олар көтерген тийкарғы мәселелер – кредит ҳәм финанслық жәрдемди кеңейтиў (жәми мүрәжатлардың 26 проценти), бизнести орын ҳәм инфраструктура менен тәмийинлеў (21 процент), салық системасын әпиўайыластырыў (10 процент), тексериўлер ҳәм артықша бюрократияны кескин қысқартыў (8 процент)ға байланыслы.
Бул санларды көрип, билесизлер ме, биринши берген сораўым не болды? Не ушын мүрәжатлар саны өткен жылдағыдан аз? Бирақ, усыныслар ҳәм басламалар менен бирме-бир танысып, бир нәрсеге көзим жетти.
Алдынғы ашықтан-ашық сөйлесиўлерге таярлық даўамында көтерилген мәселелердиң 80 проценти индивидуал қәсийетке ийе болып, көплери орынларда шешилген еди.
Бул рет 70 процент исбилерменлеримиз системалы машқалаларды шешимлери менен усыныс етпекте. Исбилерменлеримиз тек ғана өзине емес, ал пүткил тараўға пайда келтиретуғын мәселелерди көтерип атырғаны әлбетте қуўанышлы жағдай.
Ашықтан-ашық сөйлесиў нәтийжелери бойынша қабыл етилетуғын қарарларда булардың ҳәммеси есапқа алынады.
Енди сизлерден келип түскен усыныслар тийкарында ең әҳмийетли жаңа басламаларға тоқтап өтемен.
Биринши бағдар – киши бизнес ушын жаңа имканиятлар
Бизге белгили, киши бизнес – бул мәҳәллеге, районға жаңа орталық алып киретуғын факторларымызға ерк-ықрар беретуғын үлкен күш болып есапланады.
Экономикасы жедел раўажланып атырған көплеген мәмлекетлерде жумыс орынларының 70-80 проценти усы тараў ўәкиллери тәрепинен жаратылмақта. Барлық абырайлы компаниялар тарийхы да әйне киши ҳәм орта бизнестен басланған.
Кейинги жылларда мәмлекетимизде макро-бизнес ҳәм шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бойынша үлкен әмелий жумыслар исленди. Бағдарламалар арқалы микро-бизнести қаржылай қоллап-қуўатлаўға ҳәр жылы 1 миллиард доллардан аслам қаржы қаратып атырмыз. Нәтийжеде бүгин ҳәр бир мәҳәлледе кеминде 40-50 жаңа исбилермен пайда болып, мыңлаған турақлы жумыс орынлары жаратылмақта. Бирақ киши бизнести мәнзилли қоллап-қуўатлаў, оларға зәрүр шараятлар жаратыў бағдарында бундай орталық еле толық қәлиплесип үлгермеди, десек, әдилликтен болады.
Биз жылдың басында киши бизнес категориясына кимлер киретуғынын анық белгилеп алдық. Енди киши исбилерменлердиң «аяққа турып алыўы» ҳәм жумысын кеңейтиўи ушын пүткиллей жаңа көзқарасларды енгиземиз. Бунда усы тараў ўәкиллерин исбилерменликке оқытыў, оларға жойбар таярлап бериў, жумысын қаржыландырыў, өнимлерине базар, бизнеске шериклер табыў бойынша тутас экосистема жаратылады.
Буның ушын, бәринен бурын, «Қишлоқ қурилиш банк»ти «Бизнести раўажландырыў банки»не айландырамыз. Бул жаңа банктиң жумысы да, ислеў усылы ҳәм қаржыландырыў механизмлери де жаңаша болады. Соның ишинде, банк жанында ҳәр бир аймақта жәми 14 киши бизнес орайы шөлкемлестириледи.
Шаңарақлық исбилерменлик бағдарламалары шеңберинде тәжирийбе арттырған 500 мыңнан аслам микро-бизнес ўәкиллери бар. Енди 9 мың 400 мәҳәлледеги ҳәким жәрдемшилери өз аймағында микродан киши бизнеске өспекши болған 3-4 исбилерменди ҳәр айда бизнес орайларына тартады.
Орайлар болса интакерлердиң бизнес жойбарларын ислеп шығыўға жәрдемлеседи, өз есабынан жаңа жойбар ислемекши болған исбилерменлерди оқытады, жаңа жойбарларға зәрүр қәнигелерди тартады, исбилерменлер ушын бухгалтерия, салық, аудит, маркетинг, ҳуқықый ҳәм басқа да консалтинг хызметлерин көрсетеди.
Екиншиден, аймақлардағы Киши бизнес орайларында оқыған исбилерменлердиң жойбарларын ең қолайлы шәртлер тийкарында қаржыландырыў жолға қойылады.
Онда киши бизнес жойбарының 10 процентине исбилермен инвестиция киргизсе, 45 процентке «Бизнести раўажландырыў банки»ниң өзи, қалған 45 проценти ушын мәмлекет жәрдеминде ресурс қаратылады.
Бул мақсетлер ушын бир «исбилерменлик жылы»нда банктиң өзи 500 миллион доллар алып келеди, мәмлекет және сонша муғдарында қаржы ажыратады. Кредитлер исбилерменлерге 5-7 жыл мүддетке жеңиллетилген шәртлер тийкарында бериледи. Бул қаржылардың 150 миллион доллары бойынша кредит линиялары 1-октябрьден ашылады.
Өз бизнести жолға қоя алған, «кредит ҳәм салық тарийхы» таза болған исбилерменлерге жумысын жаңа басқышқа алып шығыў ушын кредит алыўда гиреў талабы 50 процентке азайтылады.
Жойбарды әмелге асырыўда қосымша ресурсқа мүтәжлиги бар кәрханаларға кредитке қосымша қаржы ажыратыўға рухсат бериледи. Буның ушын жылына қосымша 1 триллион сум ажыратылады. Сондай-ақ, жойбар шеңберинде алып кирилетуғын әсбап-үскенени қамсызландырыў, шийки зат ҳәм материалларды сертификатлаў қәрежетлери орайлар тәрепинен қаплап бериледи.
Улыўма етип айтқанда, бағдарламада қатнасып атырған киши бизнес кәрханаларының жумысын үш жылға шекем тексериўге жол қойылмайды.
Үшиншиден, Киши бизнес орайлары жәрдеминде жойбар интакери ҳәм ири мәмлекетлик кәрханалар менен кооперация байланысы орнатылады. Онда жаңа кәрханаларда заманагөй технологияларды енгизиў, хызметкерлердиң маманлығын арттырыў ҳәм өнимди реализациялаўға Орайлар жәрдем береди.
Соның менен бирге, бул кәрханаларға мәмлекетлик сатып алыўлар системасында өзи ислеп шығарған өнимлерди 2 жыл даўамында тиккелей шәртнама менен сатыўға рухсат бериледи.
Төртиншиден, Киши бизнес орайларын басқарыўға жеке меншик шериклер тартылады. Бул исбилерменлерге «Бизнести раўажландырыў банки»не үлес болып кириў ҳуқықы бериледи.
Сондай-ақ, орайларға сырт елли қәнигелерди де алып келемиз. Бунда бизнес-консультант, инженер-технолог, дизайнер, мийманхана басқарыўшысы, маркетолог, агроном, ветеринар, туқымтаныўшы сыяқлы сырт елден тартылған қәнигелерге Өзбекстанда ислеў ушын рухсатнама бериў мүддети ҳәзирги 1 жылдан 3 жылға шекем созылады. Жумыс ислеўге рухсатнама төлеми болса ҳәзирги 10 миллион сумнан 330 мың сумға түсириледи. Оларға аймақлық мийнет уйымынан жумысқа тартыў мақсетке муўапық екени ҳаққында шешим талап етилмейди.
Бесиншиден, жаңа системаны енгизиў бойынша өз алдына нызам да қабыл етемиз. Онда орай менен биргеликтеги киши бизнес жойбарларын әмелге асырыўға байланыслы барлық процесслер әпиўайыласқан тәртипте белгиленеди.
Әлбетте, банк те, орай да жаңа жойбар дәрамат келтирип, исбилерменлик жумысының раўажланыўынан мәпдар болыўы зәрүр. Соның ушын, жаңа киши бизнес жойбары иске қосылғаннан кейин, еки жыл даўамында олардан түсетуғын барлық салықлар «Бизнести раўажландырыў банки»ниң айланыс қаржысы ушын өткерип бериледи. Яғный, исбилермен қанша көп дәрамат табыўынан банк мәпдар болатуғын система жаратылады.
Ең тийкарғысы, бул бағдарламада қәлеген мәмлекетлик банк ҳәм жеке меншик банклердиң қатнасыўы, өзлери де ресурс тартыўы мүмкин болады. Банклердиң бағдарлама шеңберинде алған пайдасы салық базасынан шегирип тасланады. Сонда исбилерменлерде де, банклерде де мәп ҳәм бәсеки болады. Буның ушын Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Халықаралық финанс корпорациясы ҳәм басқа да халықаралық финанслық шөлкемлерден және 500 миллион доллар тартамыз.
Мақсетимиз – бир жыл ишинде кеминде 150 мың киши бизнес субъектин «аяққа турғызыў», кеминде 25 мыңын орта кәрханаларға айландырыў, тараўда 250 мың жаңа турақлы жумыс орнын жаратыўдан ибарат.
Екинши бағдар – орта бизнес турақлы экономикалық өсиў гиреўи
Ҳүрметли бизнес ўәкиллери!
Экономикамыздың жаңа технология ҳәм инновацияларға тийкарланған, сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығаратуғын әҳмийетли буўын бул – орта бизнес.
Бирақ, ҳәзир орта бизнес ушын шараятлар жетерли емес, десек, дурыс болады. Тек ғана Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры коммерциялық кредитлерге кепиллик ямаса компенсация берип киятыр. Ол да ҳәммеге емес.
Сол себепли, биз киши бизнестен орта бизнеске өтиў тилегинде болған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў бойынша да жаңаша көзқарасларды жолға қоямыз. Бул бағдарда бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша қордың жумысы да, жумыс ислеў усылы да түп-тийкарынан өзгереди.
Енди Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры (Ж.Қўчқоров) хызмет көрсетиў бойынша, «жасыл» ҳәм энергия нәтийжели жойбарларға финанслық жәрдем көрсетиўге, Санаатты раўажландырыў қоры (Ж.Ходжаев) болса санаат жойбарлары ушын жуўапкер болады.
Биз қорларды басқарыўға маман сырт елли менеджерлерди алып келемиз. Бул қорлар бюджет қаржылары менен шекленип қалмайды, оларға бийғәрез инвестиция тартыў ўәкиллиги бериледи. Бул арқалы келеси бир жылда бул қорлар орта бизнес ушын қосымша 1 миллиард доллар қаржы алып келеди.
Бириншиден, биз «драйвер» тармақларда перспективалы жойбарларды әмелге асырыў ушын Санаатты раўажландырыў қорын шөлкемлестирип, дәслепки басқышта оған 200 миллион доллар ажыраттық.
Қордан 1-сентябрьден баслап, жаңа жойбарларды қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процентлик, миллий валютада 10 процентлик ставкада 10 жыл мүддетке кредитлер ажыратылады, санаат кәрханаларына 1 жыл мүддетке шекем сырт ел валютасында 4 процентлик, миллий валютада 10 процентлик ставкада айланыс қаржысы бериледи.
Онда алып келинетуғын әсбап-үскене ушын 15 процентлик аванс төлемлери де Қор тәрепинен кредит етип бериледи, маркетинг, жойбарластырыў, сырт ел қәнигесин тартыў қәрежетлериниң 20 мың долларға шекемги бөлегине компенсация төленеди.
Екиншиден, санаат ипотекасы системасы жолға қойылып, исбилерменлерге «таяр бизнес» түринде өндирис майданлары қурып бериледи. Соның ишинде, ҳәр бир ўәлаятта кеминде 3 еўден жаңа санаат зонасы шөлкемлестириледи.
Буннан тысқары, санаат зоналарында өндирис объекти иске қосылып, инвестиция миннетлемелери орынланғанынан соң жер майданларын меншиклестириўге руқсат бериледи.
^шиншиден, соңғы жыллары үлкен-үлкен инвестициялық бағдарламаларды әмелге асырыў есабынан мәмлекетимизде 20 мыңға шамалас заманагөй үскенелерге ийе кәрханалар қурылды. Олардың ярымы – орта кәрханалар болып есапланады.
Бул кәрханалардың жумысын кеңейтиў ушын оларға жаңа инвестор ҳәм брендлерди тартыўға жәрдемлесиў зәрүр. Соның ушын, енди егер кәрхана сырт ел бренди ҳәм инвестор менен келисимге ериссе, оған жаңадан шөлкемлестирилген Санаат қоры 25 процентке шекемги капиталына инвестиция менен кириўи мүмкин болады.
Төртиншиден, Исбилерменлик қоры экономикамыздың және бир драйвери болған хызметлер тараўына жуўапкер болады.
Қорға потенциаллы орта бизнес кәрханаларына акционер болып кириў ўәкиллиги бериледи. Оның ушын усы жылы Қорға қосымша 25 миллион доллар, келеси жылы және 100 миллион доллар ажыратылады.
Соның менен бирге, Қор тәрепинен орта бизнес ушын сырт ел валютасындағы кредитлерге де кепиллик бериледи. Қор туризм, саўда ҳәм сервис тараўларында «хызметлер ипотекасы» системасын енгизеди.
Енди мийманхана, ресторан, саўда комплекси, автомобиль турыў орны, жанылғы шақапшасы, кемпинг сыяқлы объектлердиң таяр жойбарлары исбилерменлерге усыныс етиледи.
Сондай-ақ, Қор исбилерменлерге хызмет көрсетиў объекти ушын жер сатып алыў, имаратлар қурыў ҳәм айланыс қаржы ушын да ресурс ажыратады. Соның менен бирге, кәрханаларда жасыл технологияларды енгизиў ушын сырт елли шериклеримизден 100 миллион доллар тартылады.
Мине, усы еки жаңа система 1-октябрьден толық иске қосылады ҳәм келеси бир жылда орта бизнесте санаат тараўында 2 мың ҳәм хызметлер бойынша 10 мың жаңа жойбарлар қаржыландырылады.
Егер биргеликте шын кеўилден ислесек, бул жаңа имканиятлар есабынан қосымша 1 миллиард долларлық хызметлер, 5 миллиард долларлық жаңа өнимлерди ислеп шығарыў, 350 мың жаңа жумыс орнын арқайын шөлкемлестире аламыз.
:шинши бағдар – жаңа базарларға сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өним менен кириў
Әзиз дослар!
Сөзсиз, соңғы жыллары оған итибар қаратып, өндирис көлемин 1,5 есеге арттырғанымыз экономикамызда жоқары өсиў пәтлерин тәмийинледи.
Бир нәрсени дурыс түсиниў керек. Биз айырым мәмлекетлер сыяқлы нефть-газ ресурсларын сатыў есабынан жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлей алмаймыз.
Бизиң нефтимиз де, газимиз де бул – сиз интакер ҳәм исбилермен исбилерменлер шийки заттан жаратып атырған жоқары қунлы ҳәм сапалы өнимлер болып есапланады.
Соның ушын, өнимлеримиз – сыртқы базарларда сапалы, талап етиўшилиги жоқары ҳәм бәсекиге шыдамлы болыўы керек. Мине, усындай нәтийжеге ерисиў ушын өндиристи пүткиллей жаңа басқышқа алып шығып, кескин өсиў ислеўимиз зәрүр.
Өткен жылғы ашықтан-ашық сөйлесиўде «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасын баслаған едик. Бағдарлама шеңберинде 100 жетекши экспортшы кәрхана таңлап алынып, оларға кредит, салық, бажыхана бойынша айрықша режим енгизилди. Нәтийжеде усы жылы бул кәрханалардың экспорты 1,5 есеге көбейип, 1,2 миллиард долларға жеткерилди.
Улыўма, экспортты қоллап-қуўатлаў есабынан соңғы төрт жылда бундай кәрханалардың саны 4,5 мыңнан 7,2 мыңға көбейди, шетке сатылып атырған өним түрлери 1,5 мыңнан 3 мыңға артып, географиясы 139 мәмлекеттен 164 ке кеңейди, сыртқы базарларға таяр өним сатыў көлеми 2 есеге, онда товарлар экспортындағы үлеси болса 50 проценттен 65 проценкет артты.
Соның менен бирге, халықаралық майдандағы жағдай есабынан логистика қәрежетлери 3-4 мәрте артып кетти. Соның ушын биз экспортшы кәрханаларды қоллап-қуўатлаўды избе-из даўам еттиремиз. Олар ушын қаржы имканиятларын және де кеңейтиўимиз зәрүр.
Онда логистика қәрежетлерин компенсациялаўға қосымша 100 миллион доллар қаратамыз. Сондай-ақ, өнимлерди сырт елде сертификатлаў, халықаралық стандартларды енгизиў ҳәм бул бағдарда қәниге таярлаўға және 25 миллион доллар ажыратылады.
Биз «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасын усы жылы да даўам еттиремиз ҳәм бағдарлама менен қамтып алынатуғын кәрханалар санын 500 ге жеткеремиз. Олар ушын бағдарламадағы барлық жеңилликлер сақлап қалынады.
Экспортты кеңейтиў бойынша және бир үлкен имканият – бул абырайлы сырт ел брендлерин мәмлекетимизге тартыў болып есапланады. Мысалы ушын, жыллық базары 100 миллиард доллардан асатуғын дүньяның ең белгили 50 бренди кәрханаларымыз бенен ислесиўге үлкен қызығыўшылық билдирмекте.
Тапсырмам бойынша, жумысшы топары Испания, Германия, Польша, Түркияның ири брендлери менен сөйлесиўлер өткерип келди. Олар жергиликли кәрханаларымызға 3 миллиард долларлық буйыртпа бериўге ҳәзирдиң өзинде таяр. Бундай имканият бизде ҳеш қашан болмаған. Оның ушын олар алға қойып атырған 3 ең үлкен мәселени шешип беремиз. Бул бағдарда биринши гезекте, өндириске халықаралық стандартлар, экология ҳәм сертификатлаў талапларын енгиземиз. Оның ушын жергиликли кәрханаларымыз қәнигелерин олардың талабы тийкарында оқытамыз.
Екиншиден, жергиликли кәрханалардағы жумысшыларға мүнәсип мийнет шараятларын жаратып беремиз.
:шиншиден, брендлердиң өнимлерин алып кириў ҳәм экспорт етиў ушын қолайлы бажыхана режимин енгиземиз.
Ири брендлерди тартқан кәрханаларға 500 миллион сумнан грант ажыратылады. Мысалы ушын, Германияның «Дийзель» брендин тартқан Намангандағы «Фазман текстиль» кәрханасының басшысы Неъмат Фатҳиддинов ҳәм АҚШтың «Найк» брендин тартқан Әндижандағы «Сино интернейшнл» кәрханасының басшысы Фан Ронгхуанға бүгин биринши болып усы грантты бериўди усыныс етемен.
Халықаралық базарға шықпақшы болған исбилерменлеримиз бул усынысларды қоллап-қуўатлайды деп ойлайман.
Төртинши бағдар – жоқары дәраматлы кәрханаларды көбейтиў.
Ҳүрметли илаж қатнасыўшылары!
Бүгинги ушырасыўда және бир басламаны алға қоймақшыман.
Халықаралық консультантларды тартқан ҳалда, электротехника, тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, зергерлик, қурылыс материаллары, мебель қурылысы, полимер, химия ҳәм азық-аўқат санааты бойынша 140 таяр жойбар ислеп шығылды.
Бүгин сизлерге усы 140 алдыңғы санаат кәрханасының жойбарлары таныстырылды. Бул жойбарлардың жәми баҳасы 10 миллиард долларға тең болып, оларда 60 мың жумыс орнын жаратыў, жылына 5 миллиард долларлық өним ислеп шығарыў ҳәм 2,5 миллиард долларлық экспорт етиў нәзерде тутылған.
Усы 140 жойбар электрон платформаға қойылып, исбилерменлерге ашық-айдын шәртлер тийкарында усыныс етилмекте. Бул жерде отырған исбилерменлер арасында бағдарламада қатнасыўға ким қызығыўшылық билдирсе, ҳәзирдиң өзинде олар менен шәртнама дүзиўге таярмыз. Оларға орны да, қаржысы да, инфраструктурасы да ҳәзирдиң өзинде шешип бериледи.
Бағдарламаға кирген кәрханаларға Санаатты раўажландырыў қоры есабынан 10 жыл мүддетке төмен процентли кредитлер ажыратылады.
Келеси жыл ашықтан-ашық сөйлесиўде бул жойбарларды биргеликте әлбетте, иске қосамыз.
Бесинши бағдар – әпиўайы салық ҳәкимшилиги ҳәм бюрократиясыз қолайлы орталық.
Қәдирли дослар!
Мәмлекетимизде исбилерменлер қаншелли көп болса, олар және де көбирек дәрамат көрсе, мәмлекетимиз де соншелли бай болады. Сизлердей жигерли, исбилермен, интакер ҳәм пидайы исбилерменлеримиздиң қатары бир неше есеге кеңейиўинен барлығымыз бирдей мәпдармыз.
Соның ушын, биз исбилерменлерге салық жүгин көбейтиў емес, керисинше оларды қоллап-қуўатлаў арқалы салық базасын кеңейтиў есабынан бюджетке түсимлерди арттырыў жолынан баратырмыз.
Өткерилген сораўларда 62 процент исбилерменлеримиз салық тараўындағы реформаларымызды унамлы баҳалаған. Бирақ, бизнес ўәкиллери салық системасынан, салықшылардың жумысынан қаншелли разы!
Қурамалы салық ҳәкимшилиги, бизнеске артықша араласыў ҳәм системадағы коррупция жағдайларының барлығынан хабарым бар. Енди бул системаны түп-тийкарынан реформалап, салық уйымлары хызметкерлериниң қатнасларын пүткиллей өзгертемиз. Салық ҳәкимшилиги де әпиўайыласады.
Бириншиден, ҳәзирги исбилерменлерди қәўип топарына киргизиў системасы жабық болып, тәртипли салық төлеўшилер де қайсыдур шериги қашанлардур қәте еткен болса, оның ушын да жуўап бермекте.
Өткерилген сораўларда қосымша қун салығы төлеўшилердиң 70 проценти бул салықты қайтарыўда салық өткерилиўи коэффициентин қолланыў, яғный «tax gap» системасы әдалатсыз екенин билдирген. Салық системасындағы коррупция менен байланыслы шағымлар ҳәдден тысқары көбейип кеткени де мине, усы «tax gap» пенен байланыслы.
Келешекте, 1-октябрьден баслап, қосымша қун салығын қайтарыўда салық үзилиўи коэффицентин қолланыў әмелияты, яғный «tax gap» бийкар етиледи.
Соның менен бирге, Саўда-санаат палатасы, Бизнес-омбудсман тараў ўәкиллери менен бирге исбилерменлердиң ашық-айдын рейтингин енгизеди. Онда, келеси жыл 1-январьдан баслап рейтинги жоқары кәрханалар барлық түрдеги салық тексериўлеринен азат етиледи, оларға қосымша қун салығының артықша бөлеги бир күнде қайтарып бериледи, қосымша қун салығы төлеўшиси гүўалығын ўақтыншалық тоқтатып турыў әмелияты бийкар етиледи.
Екиншиден, камерал қадағалаў «салықшының қуралы» емес, керисинше, исбилерменге қәтесин көрсетип, оны дурыслаўға жәрдем беретуғын процесс болыўы керек.
Ҳәзирги ўақытта болса камерал қадағалаў толық салық тексериўине айланып кеткени сыр емес ҳәм бул коррупцияға да жол ашып бермекте.
Енди камерал қадағалаўда исбилерменнен ҳүжжет талап етиў ямаса оны уйымға шақырыўды қатаң қадаған етемиз.
Улыўма салықшылар өз көрқарасын өзгертип, мәҳәлледеги үлкен имканиятларды иске қосыўы, тек ғана исбилерменлерге шараят жаратып бериўи керек болады.
Сондай-ақ, өз алдына ашық-айдын платформа жаратып, салықшылар көрсеткен хызметлер сапасына исбилерменлердиң өзи баҳа беретуғын системаны жолға қойсақ, не дейсиз!
:шиншиден, ҳәзирги ўақытта салыққа байланыслы бир ҳуқықбузарлық ушын исбилермен сыпатында қаржы жәриймасы, физикалық тәреп сыпатында ҳәкимшилик жәрийма қолланбақта.
Енди бундай әмелият бийкар етиледи.
Улыўма исбилерменлерге қолланылып атырған жәриймалар олардың жумысы тоқтап қалыўына себеп болмаўы зәрүр. Усы көзқарастан, үш айда барлық қаржы санкциялары қайта көрип шығылып, әдил нормалар белгиленеди.
Төртиншиден, исбилерменниң салық уйымлары менен болатуғын барлық келиспеўшиликлерин ҳәкимшилик суд ўәкиллигине өткеремиз. Сондай-ақ, исбилерменлердиң тиккелей судқа шағым етиўиндеги ҳәр қандай шеклеўлерди алып таслаймыз.
Салық бойынша исбилерменлерге шағым киргизиў мүддети ҳәзирги 5 жылдан 3 жылға түсириледи. Буннан тысқары, салық ямаса кредит қарызын өндириў бойынша суд қарары шағарылғанда, пеня ҳәм процентлер есаплаў тоқтатылады.
Бесиншиден, ҳәзирги күнде исбилерменлер 140 тан аслам есабат шеңберинде 8 мыңға шамалас көрсеткишлерди 16 мәмлекетлик уйымға тапсырыўға мәжбүр. Ақыбетинде 500 мың исбилермен ҳәр жылы бундай ҳәр қыйлы есабатларды таярлаўға 300 миллиард сум жумсалмақта.
Соның ушын, 2024 жыл 1-январьдан баслап бир-бирин тәкирарлаўшы ҳәм ескирген есабатлар сапластырылады, барлық есабатларды бирден-бир электрон система арқалы усыныў жолға қойылып, олардың қағаз формасы бийкар етиледи.
Және бир мәселеге итибарыңызды қаратпақшыман.
Кластер системасына өткенимиз қысқа ўақыт ишинде аўыл хожалығында кескин өзгерислер ислеўге тийкар жаратты, десек, бул да ҳақыйқат. Атап айтқанда, өткен алты жыл ишинде бир гектардан алынатуғын пахта зүрәәти 26 центнерден 34 центнерге жетти. Әсиресе, Әндижан, Бухара, Наманган, Самарқанд, Қашқадәрья, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятларында 40 центнерге шекем өним алынбақта.
Пахта талшығын қайта ислеў 2,5 есеге артып, 100 процентке жеткерилди, ийирилген жип ислеп шығарыў – 2,2 есеге, таяр өним – 5 есеге артты.
Келеси жылы тараўдағы экспортты 1,5 есеге көбейтип, 2022-жылдағы 3,2 миллиард доллар орнына 5 миллиард долларға жеткериў бойынша үлкен шек алғанбыз.
Ҳәзирги ўақытта пахта тоқымашылық кластерлеринде 600 мыңға шамалас халық турақлы дәрамат алып, мийнет етпекте.
Өткен жылғы пахта өними бойынша жәҳән базары менен ишки базардағы талшық баҳасы арасында үлкен айырмашылық болғаны ақыбетинде кластерлеримиз 6 триллион сум зыян көргенинен хабарым бар. Усы жағдайды есапқа алып, кластерлердиң 3 триллион сум кредит қарыздарлығын бир жылға созып бердик.
Биз бул қаржылай қоллап-қуўатлаў механизмлерин және де кеңейтемиз. Соның ишинде, кластерлердиң айланыс қаржылары ушын бир ярым жыл мүддетке 3 триллион сум кредит ажыратылады.
Буннан тысқары, пахта ҳәм жасалма талшықты алып келиўде транспорт қәрежетлериниң 50 проценти қаплап бериледи, шийки зат, бояў ҳәм химиялық қураллар, фурнитура, суўытыў системалары ҳәм аксессуарлар үш жыл мүддетке бажыхана бажысынан азат етиледи.
Ҳүрметли исбилерменлер!
Усы жерде сизлерге айрықша мүрәжат етпекшимен.
Соңғы жети жылдағы салық реформаларымыз, исбилерменлерге берилген жеңилликлер нәтийжесинде олардың еркинде 120 триллион сумнан аслам қаржы қалды.
Мине, бүгин де жүдә үлкен қолайлықлар берилмекте.
«Халқымызда «шаппат еки қолдан шығады», деген гәп бар. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде «жасырын экономика»ның үлеси 40 процент әтирапында.
Биз дурыс ислеп атырған, жумыс орнын жаратып атырған, алдыңғы технологиялар енгизип, жаңа өнимлерди өзлестирип атырған, экспортын арттырып атырған бизнес ўәкиллери ушын барлық шараятларды ислеп бериўге таярмыз. Бирақ салықлардан қашып, өзиниң миннетлемелерин орынламастан киятырған қостырнақ ишиндеги исбилерменлерге биз әлбетте маўасасыз боламыз.
Биреўдиң ҳақына қыянет Жаратқанға да хош келмейди.
Соның ушын исбилерменлеримиздиң өзлери де бас болып, бундай «нәпәк» исбилерменлер қатарында болыўына жол қоймаса, мен ойлайман, «жасырын экономика» үлесин еселеп қысқартамыз.
Әзиз ҳәм ҳүрметли ўатанласлар!
Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында ҳәр бир жыл үлкен бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў дәўири болып қалмақта.
Усы мәниде, келеси жыллар ушын белгилеп алған реже ҳәм бағдарламаларымызды әмелге асырыў, әлбетте аңсат болмайды. Оны да ашық айтыўымыз керек. Бирақ, өмир сынақларында тапланған, сөзинде де исенимли сизлердей мәрт ҳәм интакер исбилерменлеримиз бар екен, биз әлбетте гөзлеген шеклеримизге ерисемиз.