Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-август күни Халықаралық конгресс орайында исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерди.

Бундай ушырасыў биринши рет 2021-жыл 20-августта шөлкемлестирилген еди. Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен дәстүрге айланды ҳәм бул сәне мәмлекетимизде «Исбилерменлер күни» етип белгиленди.

Илаж алдынан Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлерди бул байрам менен қутлықлап, өзиниң терең ҳүрмети ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.

– Ҳәр бир мәмлекетте исбилерменлер үлкен күш-қүдирет болып келген. Өзбекстанымызда да экономиканы раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, мәҳәллелерди абат етиўге ҳәрекет етип атырмыз. Буған ең үлкен үлес қосып атырған ким? Исбилерменлер! Сизлер ҳәр бириңиз қаҳармансыз, пидайысыз. Биз сизлерди мақтаныш етемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бизнеске жаратылған шараятлар нәтийжесинде бул тараў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Өткен бир жылда киши исбилерменлер саны 40 мыңға, орта исбилерменлер саны 2 мыңға, ири кәрханалар саны болса 400 ге көбейген. Берилген жеңилликлерден пайдаланып, бир жылда 155 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллион доллардан артқан. Киргизилген жыллық сырт елли инвестициялар көлеми болса биринши рет 10 миллиард долларға жеткен.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 18-августтағы пәрманына муўапық, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда үлги көрсетип атырған 44 ўатанласымыз мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Байрам илажында оларға мине усы атақ, орден ҳәм медальлар тапсырылды.

Сондай-ақ, орынларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 17-августтағы бийлигине муўапық, 126 алдынғы бизнесмен «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Сөйлесиўде өткен жыллардағы ушырасыўлар нәтийжелерине тоқтап өтилди. 2021-жылы болған ашықтан-ашық сөйлесиў бойынша 57, өткен жылы болса 55 баслама алға қойылған еди. Олардың нәтийжесинде бизнести жүргизиўде көплеген жеңилликлер болды.

Мысал ушын, өткен жылғы усыныслар тийкарында бизнес субъектлери, микро, киши, орта ҳәм ири категорияларға бөлинип, олар менен өз алдына ислесиў жолға қойылды. Тап усындай, район ҳәм қалалар да 5 категорияға ажыратылды, 60 районға өз алдына салық, кредит ҳәм финанслық жәрдем енгизилди.

Қосымша қун салығын қайтарыў мүддети қысқартылып, өткен бир жыл ишинде 6 мың кәрханаға 20 триллион сум қайтарып берилген. Ең әҳмийетлиси, бул салық ставкасы 12 процентке түсирилгени есабынан, қосымша қун шынжыры қатнасыўшыларының саны 26 мыңға көбейип, жумысы «саядан» шыққан.

Кредит бериўде айланыстағы товарлар, экспорт шәртнамалары, аккредитивлер ҳәм келеси түсимлерден де гиреў тәмийнаты сыпатында пайдаланыў системасы жаратылды. Бул имканият арқалы исбилерменлерге 1 миллиард доллар кредитлер берилген.

Бажыхана аймағында қайта ислеў системасы әпиўайыластырылды. Нәтийжеде, бул бажыхана режиминен пайдаланыўшы исбилерменлер саны 2 есеге көбейди. Бир жыл ишинде бул имканият арқалы 455 миллион доллар муғдарында өним экспорт етилди.

Бурын жаңа исбилерменлер ушын «кириў қыйын болған» 119 хызмет бойынша лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди ямаса хабардар етиў түрине өткерилди. Усы жылдың алты айында салық төлеўшилер жумысында тексериўлер өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 40 процентке азайған.

Улыўма етип айтқанда, өткен бир жылда киши исбилерменлер саны 40 мыңға көбейген, орта исбилерменлер саны 2 мыңға артып, 10 мыңға жеткен. Ири кәрханалар саны болса жылда 400 ге көбейип, 1,5 мың болды.

Берилген жеңилликлерден пайдаланып, бир жылда 155 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллион доллардан артқан. Киргизилген жыллық сырт ел инвестицияларының көлеми болса биринши рет 10 миллиард долларға жеткен.

Ашықтан-ашық сөйлесиўлерден соң, кейинги еки жылда кәрханаларымыз тәрепинен 25 миллиард доллар муғдарында өнимлер экспорт етилген ҳәм бурын импорт болған 10 миллиард доллар муғдарында өнимди өзимизде ислеп шығарыў жолға қойылған.

Президент Шавкат Мирзиёев ашықтан-ашық сөйлесиўдеги баянатында бес тийкарғы бағдарды көрсетип өтти. Олардың ҳәр бири өз ишине көплеген басламаларды қамтып алды.

Биринши бағдар – киши бизнеске жаңа имканиятлар.

Бул тараў ўәкиллерин исбилерменликке оқытыў, оларға жойбар таярлап бериў, жумысын қаржыландырыў, өнимлерге базар ҳәм бизнеске шериклер табыў бойынша уқсас экосистема жаратылатуғыны атап өтилди. Буның ушын бәринен бурын, «Қишлоқ қурилиш банк» «Бизнести раўажландырыў банки»не айландырылады. Банк жанында ҳәр бир аймақта жәми 14 киши бизнес орайы дүзиледи. Оларда оқыған исбилерменлердиң жойбарлары ең қолайлы шәртлерде қаржыландырылады. Бул бағдарламада қатнасып атырған киши бизнес кәрханаларының жумысын үш жылға шекем тексериўге жол қойылмайды.

Улыўма етип айтқанда, киши бизнесте кеминде 150 мың субъектти «аяққа турғызыў», 25 мыңын орта кәрханаларға айландырыў, тараўда 250 мың жаңа турақлы жумыс орнын жаратыў мақсетинде исленген.

Екинши бағдарда орта бизнеске байланыслы басламалар алға қойылды.

Соның ишинде, кишиден орта бизнеске өтиў тилегинде болған исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ушын бул бағдардағы қорлардың жумысы да, ислесиў усылы да өзгертиледи. Санаатты раўажландырыў қоры арқалы жаңа жойбарларды қаржыландырыў ушын сырт ел валютасында 5 процент, миллий валютада 10 процентлик ставкада 10 жыл мүддетке кредитлер ажыратылады.

Санаат ипотека системасы жолға қойылып, исбилерменлерге «таяр бизнес» тәризинде өндирис майданлары қурып бериледи. Соның ишинде, ҳәр бир ўәлаятта кеминде 3 ден жаңа санаат зоналары шөлкемлестириледи.

Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик қоры экономиканың және бир драйвери болған хызметлер тараўына жуўапкер болады. Қор туризм, саўда ҳәм сервис тараўларында «хызмет ипотекасы» системасын енгизеди.

Бул жаңа имканиятлар есабынан қосымша 1 миллиард доллар муғдарында хызметлер, 5 миллиард доллар муғдарында жаңа өнимлер, 350 мың жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў мүмкин екени айтылды.

Үшинши бағдар жаңа базарларға сапалы ҳәм бәсекиге шыдамлы өним менен кириў бойынша болды.

– Биз айырым мәмлекетлер сыяқлы нефть-газ ресурсларын сатыў есабынан жоқары экономикалық өсиўди тәмийинлей алмаймыз. Бизиң нефтимиз де, газимиз де бул – Сиз сыяқлы интакер ҳәм исбилерменлер жаратып атырған жоқары қунлы ҳәм сапалы өнимлер болып есапланады, – деди Президент.

Бул бағдар мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланып атырғаны нәтийжесинде кейинги төрт жылда экспортшы кәрханалардың саны 4 мың 500 ден 7 мың 200 ге көбейген. Экспорт өним түрлери 1 мың 500 ден 3 мыңға артып, географиясы 139 мәмлекеттен 164 кеңейген.

Өткен жылы «Жаңа Өзбекстан – бәсекиге шыдамлы өнимлер ели» бағдарламасы басланған еди. Оның шеңберинде 100 жетекши экспортшы кәрханаға кредит, салық, бажыхана бойынша өз алдына режим енгизилди.

Сөйлесиўде бул бағдарлама усы жылы да даўам еттирилетуғыны ҳәм қамтып алынатуғын кәрханалар саны 500 ге жеткерилетуғыны мәлим етилди.

Мәмлекетимиз басшысы абырайлы сырт ел брендлерин мәмлекетимизге тартыў мәселесине айрықша әҳмийет қаратты. Буның ушын, сырт елли бирге ислесиўшилердиң сораўына муўапық, өндириске халықаралық стандартлар, экология ҳәм сертификатлаў талапларын ҳәм қолайлы бажыхана режимин енгизиў, жергиликли кәрханалардағы жумысшыларға мүнәсип мийнет шараятларын жаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Ири брендлерди тартқан кәрханаларға грант ажыратыў усынысы билдирилди.

Төртинши бағдар – жоқары дәраматлы кәрханаларды көбейтиў. Усы мақсетте халықаралық консультантларды тартқан ҳалда, электротехника, тоқымашылық, былғары аяқ-кийим, зергерлик, қурылыс материаллары, мебель қурылысы, полимер, химия ҳәм азық-аўқат санааты бойынша 140 жойбар ислеп шығылған. Олардың жәми баҳасы 10 миллиард долларға тең болып, 60 мың жумыс орынларын жаратыў, жылына 5 миллиард доллар муғдарында өним ислеп шығарыў ҳәм 2,5 миллиард доллар муғдарында экспорт етиў нәзерде тутылған. Бул таяр жойбарлар исбилерменлерге усыныс етилди.

Бесинши бағдар салық ҳәкимшилигин әпиўайыластырыў, бюрократияны жоқ етиў мәселелерине қаратылды. Президент бул тараўда коррупцияға байланыслы шағымлардың көбейип кеткени, қосымша қун салығын қайтарыўда салық үзилиси коэффициентин қолланыў әмелияты (tax-gap) әдалатсыз екенин атап өтти. Сол себепли, 1-октябрьден баслап, бул әмелият бийкар етилетуғыны белгиленди.

Барлық қаржы санкциялары қайта көрип шығылып, әдил нормалар белгиленетуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, исбилерменниң салық уйымлары менен болатуғын барлық келиспеўшиликлерин көриў ҳәкимшилик суд ўәкиллигине өткериледи. Олардың тиккелей судқа шағым етиўдеги ҳәр қандай шеклеўлер алып тасланады.

Исбилерменлердиң ўақты ҳәм қәрежетлерин үнемлеў мақсетинде 2024-жыл 1-январьдан баслап, бир-бирин қайталайтуғын ҳәм ескирген есабатлар сапластырылады. Барлық есабатларды бирден-бир электрон система арқалы усыныў жолға қойылып, олардың қағаз түри бийкар етилетуғыны айтылды.

– Мәмлекетимиз раўажланыўының жаңа басқышында ҳәр бир жыл үлкен бағдарлама ҳәм жойбарларды әмелге асырыў дәўири болып қалмақта. Турмыс сынақларында тапланған, мәрт ҳәм интакер исбилерменлеримиз бар екен, биз әлбетте, гөзлеген шеклерге ерисемиз, – деди Президент сөзиниң жуўмағында.

Ашықтан-ашық сөйлесиў сораў-жуўап тәризинде даўам етти. Исбилерменлер айтқан усыныс ҳәм машқалалар бойынша жуўапкерлерге көрсетпелер берилди.

ӨзА