Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Венгрия Бас министри Виктор Орбанның мирәт етиўине бола усы жылы 19-20-август күнлери әмелий сапар менен Будапешт қаласында болды.
Мәмлекетимиз басшысы 20-август күни Будапешт қаласына сапары шеңберинде Европаның жетекши «ОТР» банктиң басқарма баслығы Шандо Чаньди қабыллады.
Президент Венгрия исбилерменлери менен бирге ислесиўдеги биринши ири жойбар табыслы әмелге асырылғаны – «ОТР» банки Өзбекстан базарына киргенин айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
«Ипотека банк»ти меншиклестириў бойынша келисимниң табыслы сырт ел инвесторларына әҳмийетли ишара болғаны ҳәм олардың мәмлекетимизге қызығыўшылығын арттырғаны атап өтилди.
Ушырасыўда Өзбекстан банк-қаржы тараўын раўажландырыў, соның ишинде, хызметлер сапасын арттырыў, бәринен бурын, бизнес ушын инновациялық ҳәм арзан өнимлерди енгизиў бағдарында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Санаат кооперациясы, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тийкарғы тармақлардағы биргеликтеги жойбарларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелге асырыўдың нәтийжели қаржы қуралларын қысқа ўақыт ишинде иске қосыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Банк басшысы Шандор Чаньи Венгрия компаниялары өзиниң инвестициялық жумысын кеңейтиўине жаратылған қолайлы шараятлар ушын Өзбекстан жетекшисине қызғын миннетдаршылық билдирди.
Будапешт қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоғанның ушырасыўы болып өтти.
Өзбекстан менен Түркия арасындағы кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди әмелге асырыў процесинде жедел сөйлесиў ҳәм алмасыўлар даўам етип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Өз-ара товар алмасыў көрсеткишлери сезилерли дәрежеде өспекте. Усы жылдың 1-июлинен баслап Жеңиллетилген саўда ҳаққындағы келисим күшке кирди. Қоспа кәрханалар саны 2,5 мыңнан асты.
Өзбекстан ҳәм Түркия басшылары еки мәмлекет жетекши компанияларының тийкарғы тармақларда инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў бағдарындағы режелерин қоллап-қуўатлады.
Еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режеси, соның ишинде, биргеликтеги Стратегиялық бирге ислесиў кеңесиниң гезектеги мәжилисине ҳәм Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң усы жылы өткерилиўи мөлшерленген саммитлерине таярлық мәселелери көрип шығылды.
Будапешт қаласында өтип атырған жеңил атлетика бойынша жәҳән чемпионаты шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қатар Мәмлекетиниң Әмири Тамим бин Ҳамад Ол Соний, Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев, Қырғыз Республикасы Президенти Садир Жапаров, Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедов, Сербия Республикасы Президенти Александр Вучич ҳәм Татарстан Баслығы Рустам Минниханов пенен сәўбетлести.
Еки тәреплеме әмелий бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты.
Сондай-ақ, жетекшилер жәҳән чемпионатының ерлер арасында 100 метр аралыққа жуўырыў бойынша финал басқышын тамашалады.
Жеңил атлетика бойынша XIX жәҳән чемпионаты Будапешт қаласының Жеңил атлетика миллий орайында 2023-жыл 19-август күни басланған болып, 27-августқа шекем даўам етеди. Медаллар спорттың 49 түри бойынша, соның ишинде, ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар арасында 24 тен бағдарда ҳәм аралас эстафеда ойналмақта. Жарысларда 190 нан аслам мәмлекеттен 2 мыңнан аслам спортшы қатнаспақта.
Чемпионатта Өзбекстаннан 5 атлетимиз спорттың бийикликке секириў, үш атлап секириў, узынлыққа секириў, жети гүрес ҳәм марафон сыяқлы түрлеринде күш сынаспақта.
Жеңимпазлар ҳәм олимпиада нормативлерин орынлаған спортшылар 2024-жылы Париж қаласында болып өтетуғын Олимпиада ойынларында қатнасыў ҳуқықына ериседи.
Президентимиз Венгрияның мәмлекетлик байрамы – әўлийе Иштван күнине бағышланған илажларда да қатнасты.
Усының менен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрияға әмелий сапары жуўмақланды.
ӨзА