Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Нөкис районындағы Кердер аўылын абат етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысты.

Нөкис районындағы Кердер аўыл пуқаралар жыйыны аймағында «Абат үй, абат көше, абат мәҳәлле» жойбары тийкарында кең көлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

Аймақта 83 турақ жайдың төбесин шиферлаў, 12 жайды қайтадан қурып бериў режелестирилген. Буннан тысқары, 109 турақ жайды оңлаў ҳәм 21 турақ жайдың кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестирип бериў, 35 көшени абаданластырыў белгилеп алынған.

Атап өтиў керек, реже тийкарында 2 километрлик жолға асфальт, 2,1 километрлик топырақ жолға қум шағыл-тас араласпасын төсеў, 358 электр бағанасын ҳәм 1 трансформатор пунктин оңлаў, аўыл пуқаралар жыйыны имаратын ыссылық системасы менен тәмийинлеў, аймақтағы базарды оңлаў, 1 киши футбол майданшасын, балалар майданшасын, мәденият сарайы имаратын қурыў, 20 километрлик ишимлик суў тармағын жаңадан тартыў, 4 көшеге түнги жақтыландырыўшы шырақларды орнатыў, 1 балалар бақшасын капитал оңлаў жумыслары да әмелге асырылады.

Жоқарғы Кеңес Баслығы бул жердеги әмелге асырылып атырған қурылыс-оңлаў жумысларының барысы менен танысып, жумысты жеделлестириў, сапалы ҳәм нәтийжели әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги