Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-август күни Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас хаткериниң сиясий мәселелер ҳәм тынышлықты қәлиплестириў мәселелери бойынша жәрдемшиси Мирослав Енча басшылығындағы усы абырайлы глобал структура делегациясын қабыллады.
Узақ мүддетли Турақлы раўажланыў мақсетлерин жүзеге шығарыў бағдарында БМШ институтлары ҳәм орайлары менен көп тәреплемели бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелери додаланды.
Ушырасыў алдында жоқары дәрежели ўәкил Мирослав Енча мәмлекетимиз басшысына шөлкем Бас хаткери Антониу Гутерриштиң сәлеми ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди. БМШ структуралары буннан былай да Жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша артқа қайтпас реформалар бағдарламасын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги атап өтилди.
Кейинги жыллары мәмлекетимиздиң БМШ пенен өз-ара пайдалы бирге ислесиўи мисли көрилмеген жоқары дәрежеге шықты. Биргеликте дерлик 140 бағдарлама ҳәм жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстанның басламасы менен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас ассамблеясының 6 резолюциясы қабыл етилди.
Өзбекстан Инсан ҳуқықлары бойынша кеңес, Экономикалық ҳәм социаллық кеңес комиссиясы, ЮНЕСКОның мәдений мийрас бойынша комитети ҳәм көплеген басқа структураларда белсене қатнаспақта.
Усы жылдың тек ғана екинши ярымында мәмлекетимизде БМШ шеңбериндеги бир қатар әҳмийетли халықаралық илажлар, соның ишинде, Азық-аўқат қәўипсизлиги бойынша ФАО конференциясы ҳәм Жәҳән туризм шөлкеми бас ассамблеясының 25-юбилей сессиясы өткерилетуғыны режелестирилген.
Ушырасыўда турақлы раўажланыў тараўындағы миллий ўазыйпа ҳәм мақсетлерди әмелге асырыў бойынша әмелий бирге ислесиў перспективалары көрип шығылды.
Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм шериклик қатнасықларын беккемлеў ҳәм бул процессте БМШтың Превентив дипломатия бойынша регионаллық орайы ролин күшейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
ӨзА