Халықаралық конгресс орайында Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўи болып өтпекте.

Бундай ушырасыў дәслепки мәрте 2021-жыл 20-августта шөлкемлестирилген еди. Мәмлекетимиз басшысының усынысы менен бул дәстүрге айланды ҳәм бул сәне мәмлекетимизде «Исбилерменлер күни» етип белгиленди.

Илаж алдында Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлерди усы байрам менен қутлықлап, өзиниң терең ҳүрмети ҳәм жақсы тилеклерин билдирди.



– Ҳәр бир мәмлекетте исбилерменлер үлкен күш-қүдирет болып келген. Өзбекстанымызда да экономиканы раўажландырыў, жумыс орынларын жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў, мәҳәллелерди абат етиўге ҳәрекет етип атырмыз. Оған ең үлкен үлес қосып атырған ким? Исбилерменлер! Сизлер ҳәр бириңиз қаҳармансыз, пидайысыз. Биз сизлер менен мақтанамыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.



Бизнеске шараятлар нәтийжесинде бул тараў избе-из раўажланып атырғаны атап өтилди. Өткен бир жылда киши исбилерменлер саны 40 мыңға, орта исбилерменлер саны 2 мыңға, ири кәрханалар саны болса 400 ге көбейген. Берилген жеңилликлерден пайдаланып, бир жылда 155 кәрхананың жыллық айланысы 100 миллион доллардан асқан. Киргизилген жыллық сырт ел инвестицияларының көлеми болса биринши мәрте 10 миллиард долларға жеткен.



Өзбекстан Республикасы Президентиниң 18-августтағы пәрманына муўапық, мәмлекетимиздиң экономикалық қүдирети ҳәм абаданлығын жоқарылатыўда үлги көрсетип атырған 44 ўатанласымыз мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды. Байрам илажында оларға мине усы атақ, орден ҳәм медальлар тапсырылды.



Сондай-ақ, орынларда Өзбекстан Республикасы Президентиниң 17-августтағы бийлигине муўапық, 126 алдыңғы бизнесменге «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси тапсырылмақта.

ӨзА