Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткермекте.
Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерге айрықша мүрәжат пенен шықты.
Соңғы жети жылдағы салық реформалары, исбилерменлерге берилген жеңилликлер нәтийжесинде олардың еркинде 120 триллион сумнан аслам қаржы қалды. Мине, бүгин де жүдә үлкен қолайлықлар берилмекте.
– «Халқымызда «шаппат еки қолдан шығады», деген гәп бар. Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде «жасырын экономика»ның үлеси 40 процент әтирапында. Биз дурыс ислеп атырған, жумыс орнын жаратып, алдыңғы технологиялар енгизип, жаңа өнимлерди өзлестирип атырған, экспортын арттырып атырған бизнес ўәкиллери ушын барлық шараятларды ислеп бериўге таярмыз.
Бирақ салықлардан қашып, өзиниң миннетлемелерин орынламастан киятырған тырнақша ишиндеги исбилерменлерге биз әлбетте маўасасыз боламыз. Соның ушын исбилерменлеримиздиң өзлери де бас болып, бундай «нәпәк» исбилерменлер қатарында болыўына жол қоймаса, мен ойлайман, «жасырын экономика»ның үлесин еселеп қысқартамыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Келеси жыллары ушын белгилеп алған реже ҳәм бағдарламаларымызды әмелге асырыў аңсат болмайтуғыны, бирақ турмыс сынақларында сыналған, сөзинде де, жумысында да исенимли, мәрт ҳәм интакер исбилерменлеримиз бар екен, гөзленген шеклерге, әлбетте, ерисилетуғынына исеним билдирилди.
Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиз басшысы исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиўде олардың пикир-усынысларын тыңламақта.
ӨзА