Ашықтан-ашық сөйлесиўде исбилерменниң салық уйымлары менен болатуғын барлық келиспеўшиликлери ҳәкимшилик ўәкиликке өткерилетуғыны айтылды. Сондай-ақ, исбилерменлердиң тиккелей судқа шағым етиўдеги ҳәр қандай шеклеўлер алып тасланады.

Салық бойынша исбилерменлерге шағым киргизиў мүддети ҳәзирги 5 жылдан 3 жылға қысқартылады.

Буннан тысқары, салық ямаса кредит қарызын өндириў бойынша суд қарары шығарылғанда, пеня ҳәм процентлер есаплаў тоқтатылады.

Ҳәзирги күнде исбилерменлр 140 тан аслам есабат шеңберинде 8 мыңға шамалас көрсеткишлерди 16 мәмлекетлик уйымға тапсырыўға мәжбүр. Ақыбетинде 500 мың исбилермен ҳәр жылы усындай ҳәр қыйлы есабатларды таярлаўға 300 миллиард сум жумсалмақта.

Соның ушын 2024-жыл 1-январьдан баслап:

– бир-бирин тәкирарлаўшы ҳәм ескирген есабатлар сапластырылады;

– барлық есабатларды бирден-бир электрон система арқалы усыныў жолға қойылып, олардың қағаз түри бийкар етиледи (ҳәзирги ўақытта 15 процент есабатлар қағазда тапсырылады).

ӨзА