Халықаралық конгресс орайында Президент Шавкат Мирзиёев исбилерменлер менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткермекте.
Атап өтилгениндей, кредит бериўде айланыстағы товарлар, экспорт шәртнамалары, аккредитивлер ҳәм келешектеги түсимлерден де гиреў тәмийнаты сыпатында пайдаланыў системасы жаратылды. Бул имканияттан пайдаланған исбилерменлерге 1 миллиард доллар кредитлер берилди.
Сондай-ақ, микро-қаржы шөлкемлерин ашыў тәртиби әпиўайыластырылды. Соның нәтийжесинде мәмлекетимизде банклерге альтернатив кредитлер базары пайда болды.
Бажыхана аймағында қайта ислеў системасы әпиўайыластырылды. Нәтийжеде бул бажыхана режиминен пайдаланыўшы исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейди.
Мысал ушын, бир жыл ишинде бул имканият арқалы 455 миллион доллар муғдарында өним экспорт етилди.
Бурын жаңа исбилерменлер ушын «кириў қыйын болған» 119 хызмет түри бойынша лицензия ҳәм рухсатнамалар бийкар етилди ямаса хабардар етиў түрине өткерилди. Тек ғана республикалық аймақта жүклерди автомобильде тасыў сыяқлы хызмет түри бойынша лицензияларды бийкар етиў есабынан жүк тасыў көлеми 1,5 есеге артты.
ӨзА