Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги тәрепинен оқыўшыларға 1-4-классларда баслаўыш, 5-9-классларда орта ҳәм 10-11-классларда оқыўшылардың қәбилети ҳәм таңлаўы тийкарында тәлим процесслерин шөлкемлестириў жумыслары алып барылмақта.

Тийкарынан:

Жедел сырт ел тәжирийбелери тийкарында сабақлықлар 1-4-класслар жаңадан таярланды.

Жаңа сабақлықлар билим алыўшылар ушын XXI әсир көнликпелерин қәлиплестириўде «4K» моделин (сын пикирлеў, креативлик, коллаборация, коммуникация) қолланыў арқалы оқыўшыларда креатив пикирлеў, дөретиўшилик, жәмәәт пенен ислесиў ҳәм пикирлеў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған.

Баслаўыш класслар ушын 775 атамада жаратылған сабақлық ҳәм оқыў-методикалық әдебиятлар 72 млн. нусқада басылып шықпақта.

2023-2024-оқыў жылынан 124 мектепте жоқары класс оқыўшыларының қәбилети ҳәм таңлаўы тийкарында тәлим процесслерин жаратыў тәжирийбеси сынақтан өткериледи.

Онда 5-9-класс оқыўшыларына министрлик тәрепинен тастыйықланған оқыў реже тийкарында баслаўыш билимлер бериледи.

Таңлаў пәнлери 4 бағдар (математика-физика, ана тили-шет тили, химия-биология, математика-шет тили) бойынша енгизиледи.

Бағдарлар оқыўшылардың қызығыўшылығы ҳәм қәбилетин есапқа алған ҳалда өткерилген сораўнамалар тийкарында қәлиплестирилди.

Белгиленген баслаўыш оқыў режесине муўапық, 4 бағдар бойынша 11 мәжбүрий ҳәм 2 таңлаў пәни оқытылады.

Усы мектеплерде Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер тәжирийбесинен келип шыққан ҳалда баҳалаўдың жаңа системасы енгизиледи.

Тәжирийбе-сынақ мектеплерге үзликсиз методикалық жәрдем көрсетиў мақсетинде Президент, дөретиўшилик ҳәм қәнигелестирилген мектеплер бириктирилди.

 

   Қарақалпақстан хабар агентлиги