Усы күнлери Иордания пайтахты Амман қаласында 20 жасқа шекемги жаслар арасында спорт гүреслери бойынша жәҳән чемпионаты болып өтпекте.

Онда 57 кг салмақта қатнасқан Өзбекстан сайланды командасының ағзасы Надирбек Джуманазаров 3-орынды ийелеўге миясар болды.

Ол қола медалы ушын болған беллесиўде ҳиндстанлы Сагара Сагараны 10:0 есабында жеңип шығыўға еристи.

Жәҳән чемпионатының белгиленген күн тәртибине муўапық, бүгин ҳаял-қызлар медаллар ушын гүреске түседи.

Онда 55 кг салмақта Айсәнем Қурбанбаева бийтәреп байрақ астында гилемге түсетуғын  Арина Мартянова менен, 59 кг да Сәрбиназ Жиенбаева  қырғызстанлы  Қалмира Билимбек қызы менен беллесиўлерге шығады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы