Грецияның Пирей қаласындағы «Караискакис» стадионында футбол бойынша УЕФА Суперкубоги ушын ойын болып өтти.

Онда Европа чемпионлар лигасының өткен мәўсимдеги жеңимпазы «Манчестер Сити» Европа лигасының чемпионы Испанияның «Севилья»сын жеңип шығып, УЕФА Суперкубогине ийе болды.

Грецияда болып өткен ойынның 25-минутында «Севилья» футболшысы  Юссуф эн-Несири есапты ашқан болса, 63-минутта Коул Калмер арадағы парықты тикледи.

Ушырасыўдың тийкарғы ўақты 1:1 есабы менен жуўмақланғаннан соң, жеңимпазды анықлаў ушын пенальтилер сериясына нәўбет берилди. Онда топты «Севилья» дәрўазасына анық жоллаған (есап 5:4) «Манчестер сити» клубы УЕФА Суперкубогиниң жеңимпазына айланды.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы