Бүгинги күни Бразилия футболының ең көзге көринген футболшыларының бири Неймар  Саудия Арабстанының “Ал Ҳилол”  клубы менен өз-ара шәртнама дүзди.

Футболшы белгиленген медициналық тексериўден өтти ҳәм усы ҳәптеде Саудия Арабстанына жетип барады.

Шәртнамаға муўапық “Ал Ҳилол” футболшы ушын француз клубына 60 миллион евро төлейди. Футболшының өзи менен болса, еки жыллық шәртнама дүзилди. Бул шәртнамаға муўапық 31 жасар Неймар жаңа клубында жылына 80 миллион евро ис ҳақы алады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы