Бокс бойынша Олимпиада ҳәм еки рет жәҳән чемпионы атағын алыўға миясар болған Баҳодир Жалолов проф рингтеги гезектеги беллесиўин өткериў ушын АҚШқа барды.

Бул ҳаққында ол социаллық тармақлардағы өзиниң жеке бетинде мәлим етти.

Соны айтып өтиўимиз керек, 2018-жылдың 5-май сәнесинен баслап, профессионал боксте өз шеберлигин көрсетип киятырған Баҳодир Жалолов усы күнге шекем 12 мәрте рингке шығып, бул ушырасыўлардың барлығында өз қарсыласларын жеңип шығыўға миясар болған.

26-август күни АҚШтың Теннессе штатында нигериялы  Онориоде Евариеме менен өткерилиўи режелестирилген гезектеги беллесиўде  Баҳодир Жалолов  өзиниң профбокстеги 13и ушырасыўын өткереди.

Өзбекстанлы боксши ҳәзирги ўақытта Дүнья жүзилик боксшилер

ассоциациясы (WBC) рейтингинде аўыр салмақ категориясында 20-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы