Футбол бойынша Өзбекстан кубогиниң 1\8 финал ойыны 14-август, дүйшемби күни болып өтти.
Онда «Арал» командасы Наманганның «Навбаҳор» клубына қарсы ойынға майданға түсти. Ойын Нөкис қаласындағы «БӨФА» стадионында болып өтти. Ойынды бас төреши Рустам Чориев басқарып барды. Ушырасыўдың биринши бөлиминде еки тәреп ойыншылары теңдей имканиятларға ийе болды, ҳеш бир команда гол урмады. Соның менен 1-бөлим 0:0 есабында жуўмақланды.
Ойынның 2-бөлиминде мийманларда көбирек имканият болды ҳәм 58-минутта 19-санлы ойыншы Дониёр Абдуманнопов наманганлыларды есапта алдыға алып шықты. Буннан кейин толық үстинлик «Навбаҳор» командасына өтип кетти. 72-минутта 91-санлы ойыншы Тома Табатедзе есапты 2:0 көринисине келтирди. Усы есап ойынның ақырына шекем өзгермеди ҳәм «Навбаҳор» клубы Өзбекстан кубогиниң кейинги басқышына жолламаны қолға киргизди. Наманганлылардың кейинги басқыштағы қарсыласы «Бунёдкор» – «Сурхан» ойынынан соң белгили болады.
Өзбекстан кубоги
1\8 финал
14-август, дүйшемби
«Навбаҳор» – «Арал» 2:0
Голлар: 1:0 — 58 Дониёр Абдуманнопов, 2:0 — 72 Тома Табатедзе
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги
(Автордың түсирген фотолары)