ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңеси тәрепинен «Ватанпарвар» шөлкеминиң Беруний районлық оқыў спорт-техника клубында мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллығы мүнәсибети менен «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» атамасында үгит-нәсиятлаў илажы өткерилди.

Илажда ӨзЛиДеП Беруний районлық Кеңесиниң аппарат баслығы Р.Юлдашева, «Халқ минбари» газетасының бас редакторы Л.Хожаниязова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, ғәрезсизлик жылларында республикамызда жүз берген өзгерислер, алып барылған кең көлемли реформалар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, Өзбекстанның мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң 32 жыллық байрамын «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» cүрени астында жоқары дәрежеде өткериў ушын таярлық жумыслары баслап жиберилгенлиги, республикамыз ғәрезсизлиги, оның қәўипсизлиги ҳәм аймақлық пүтинлигиниң исенимли кепили болған миллий армиямыздың елдиң парахатшылығын сақлаўдағы хызметлери атап өтилди.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда «Халық ҳәм армия – бир тән, бир жан» деген ийгиликли принцип тийкарында үлкен жумыслар әмелге асырылмақта. Халқымыз армияның ҳәр тәреплеме жәрдемин турмыстың барлық тараўларында әмелде сезинип атыр.

Бүгинги жедел раўажланып атырған глобалласыў процесинде перзентлеримиздиң тәлим-тәрбиясына үлкен итибар қаратылмақта. Миллий қәдириятларымыз – жасларды барлық жаман иллетлерден сақлайтуғын, жақсы әмеллерди ислеўге бағдарлайтуғын, ҳүжданлы, сергек, шыдамлы, ақылы кәмил, жақсы минезли, физикалық жақтан шыныққан, жәмийетке пайда келтиретуғын инсанлар етип тәрбиялаўда тийкарғы бағдар болмақта.

Солай екен, биз, бәринен бурын ғәрезсизликтиң мазмун-мәнисин аңлап, келешегимиз болған жасларға оның әҳмийетин жеткериўимиз зәрүр.

Илажда қатнасыўшылар тәрепинен пикир-усыныслар билдирилип, усы бағдардағы мәселелерде бирге ислесиўге келисип алынды.




 

Қарақалпақстан хабар агентлиги