Усы жылы 1-классқа барыўы режелестирилген 732 960 балалар ушын «Президент саўғасы» сатып алынып, район бөлимлери арқалы аймақларға жеткерилмекте.

1-класс оқыўшыларына берилетуғын «Президент саўғасы» қурамында 12 түрдеги оқыў қураллары бар.

Булар:

– Оқыўшы сумкасы;

– 12 дана дәптер;

– Сүўрет дәптери;

– Акварел бояўлары;

– Реңли қағаз;

– Қәлем салатуғын ыдыс;

– Шарикли ручка;

– Реңли қәлем;

– 2 дана әпиўайы қәлем;

– Пластилин;

– Желим;

– 2 дана өширгиш;

«Президент саўғасы» усы жылдың 25-августына шекем министрликтиң adm.maktab.uz электрон базасына киргизилген балалар санына сәйкес түрде улыўма билимлендириў мектеплерине алып барылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги