Кеше Беларусь Республикасында II ҒМДА ойынлары өз жуўмағына жетти.

Дүньяның 22 мәмлекетинен төрт мыңнан аслам спортшылар қатнасқан бул жарыста, қатнасыўшы командалар спорттың 20 түри бойынша өз-ара жарысқа түсти.

Өткерилген ойынлар жуўмағында, 28 алтын, 25 гүмис ҳәм 53 қола медалын ийелеген  Өзбекстан сайланды командасы ағзалары  3-орынды ийелеўге миясар болды.

Ал, бул ойынларда 149 алтын, 89 гүмис ҳәм 50 қола медалын ийелеген Россия сайланды командасы биринши, 48 алтын, 78 гүмис ҳәм 110 қола медалын қолға киргизген беларуслы  спортшылар екинши орынлар ийелеўге еристи.

4-5-орынларды болса, 10 алтын, 17 гүмис, 35 қола медалды қолға киргизген Әзербайжан ҳәм 7 алтын, 14 гүмис, 32 қола медалын ийелеген Қазақстан сайланды командаларына несип етти.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы