Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамын жоқары көтериңки руўхта өткериў мақсетинде Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармалары, қалалық, районлық бөлимлери ҳәм филиаллары арасында  спорттың киши футбол түри бойынша «Fәрезсизлик кубоги» турнири болып өтти.

Турнирде тараў қәнигелеринен қуралған жәми они еки команда өз-ара беллести.








Жасыл майданда қызғын беллесиўге бай болған турнир жуўмағында жеңимпазлар анықланып, Мойнақ районы командасы биринши, Елликқала районы командасы екинши, Беруний районы командасы үшинши ийеледи.

Сондай-ақ,  номинациалар бойынша да жеңимпазлар анықланды.

Мәмлекетлик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы «Ең белсенди команда», Досымбетов Мамбетсали (Мойнақ районы) «Ең жақсы қорғаўшы», Урынбаев Соҳибжан (Елликқала районы) «Ең жақсы дәрўазаман», Арапбаев Данияр  (Беруний районы) «Ең жақсы ҳүжимши» номинациялары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги