Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз еки жыллық байрамы мүнәсибети менен «Жаңа турмыс ушын, Жаңа Өзбекстан ушын!» деген бас идеяны өзинде жәмлеген илажлар орынларда көтериңкилик пенен даўам етпекте.
ӨзЛиДеП Қанлыкөл районлық Кеңеси, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими ҳәм Республика руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы районлық бөлими биргеликте райондағы жаслар арасында спорттың стол тенниси түри бойынша жарыс шөлкемлестирди.
Мақсет – жасларды спортқа кеңнен тартыў, спорттың теннис түриниң ғалаба ен жайыўына ерисиў, олардың бос ўақытларын мазмунли өткериўден ибарат.
Онда сөзге шыққанлар, мәмлекетимизде кейинги жыллары барлық тараўлар сыяқлы спорт тараўын реформалаўға үлкен итибар қаратылып атырғанлығы, жасларымыздың спорт пенен үзликсиз шуғылланыўы ушын барлық шараятлар жаратылғаны, булардың барлығы реформаларымыздың нәтийжеси екенлигин мысаллар менен атап өтти.
Айрықша шаққанлық ҳәм жеңил ҳәрекет талап ететуғын ойын жеңимпазлары шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғлары менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги