1979-жылдың 11-август сәнеси. Ташкент ўақты менен саат 13тен 35 минут 38 секунд өткенде Ташкент-Гурьев-Донецк-Минск рейси менен пәрўаз етип баратырған ТУ-134 самолёты Челябинск-Кишинёв рейсин орынлап атырған усы маркадағы басқа самолёт пенен соқлығысып кетти. Апатшылық жерден 8400 метр бәлентликте жүз берди ҳәм еки самолёт бортындағы 178 адам қазаланды. Олардың арасында Өзбекстан футболының мақтанышы болған «Пахтакор»дың 17 ағзасы да бар еди.
Аянышлы тәрепи сонда, диспетчердиң қәтешилиги себепли сонша адам өмирден биймезгил көз жумды.
Сол күни бул аймақта ҳаўа-райы онша жақсы емес еди. Аспанды бултлар ийелеген болып, олар 8-9 километр бәлентликте қойыў жайласқан еди. 65735 борт номерли Ту-134 самолёты Москва ўақты менен саат 13:11 де Донецктен ҳаўаға көтерилди. А.С.Комаров басшылығындағы экипаж ағзалары 77 жолаўшыны мәнзилге жеткерип қойыўы зәрүр еди. 12:53 те Воронежден ушқан басқа бир Ту-134 болса 65816 борт номерине ийе болып, онда А.А.Тараненко командирлик етип атырған Молдавияға тийисли самолёт салонында 88 жолаўшы дизимге алынған еди. Олардан 16 сы 12 жасқа шекемги балалар болған.
11-августта жүз берген ўақыялар төмендегише жағдайда жүзеге келген.
Сааат 7:50. Харьков ҳаўа ҳәрекетлерин басқарыў орайында басшы Сергеев қубла-батыс жөнелисине жуўапкер етип үлкен тәжирийбеге ийе болмаған Жуковскийди қойды. Оның ис-ҳәрекетин қадағалап барыўды болса, биринши класслы диспетчер Сумскойге тапсырады. Бул аймақ бурынғы Аўқамда СССРда самолётлар ең көп ушып өтетуғын жолға ийе, ҳәр күни бул жерде жумыс қызғын болар еди.
Сааат 13:17. Молдавияға қараслы Ту-134 самолёты Харьков орайы менен байланысқа шықты. Командир 9600 метр бәлентликти ийелеўди сорады. Бирақ, Жуковский оған бул жол бәнт екенин айтты.
Кейин болса, байланысқа Минскке тийисли болған Ту-134 шығып, командир Комаров самолёт 5700 метр бәлентликте екенин айтып, өзи ушын белгиленген 9600 метр аралыққа көтерилиўин сорады. Ҳәр еки самолёт жөнелиси Днепродзержинск районы аспанында туўры мүйеш астында кесилисер еди. Лекин, арадағы парық бир минутты қурады. Бирақ, Жуковский есапта алжасып кетеди ҳәм еки самолёт ушып өтиў парқы 3 минут деп
белгилеп алады. Сонлықтан ол Комаровқа 7200 метр бәлентликти ийелеўге буйрық береди.
Саат 13:34. Минск экипажы 8400 метр бәлентликке көтерилиўге буйрық алады ҳәм гезектеги буйрықты күте баслайды. Себеби, бул жолдан Ил-62 ушып өтиўи лазым еди ҳәм Жуковский және бир қәтеге жол қояды. Буны «Пахтакор» ушып атырған самолёт командириниң байланысқа шығып айтқан сөзлеринен аңлаған Сумской басқарыўды қолға алады ҳәм ушыўшылар менен байланысқа шыға баслайды.
Саат 13.34.07: – 676ши (Ил-62 ниң борт номери), 9600 метр бәлентликти ийелең.
Саат 13.34.28: – 735ши, сиз 9000 метр бәлентликке өтиң.
Днепродзержинскте 8440 метр бәлентликте жоллар кесилиседи.
Жуўап болса төмендегише жаңлайды.
– Түсиндим, 8400.
Сумскойдиң қәтеси сонда, ол жуўапты қайсы самолёт командири айтқанын сорап, тастыйықлатыўды ядтан шығарған. Ҳәр еки диспетчер буйрықты ким орынлағанын сораўды яки локаторға қарап, самолётлар қайсы жөнелис бойынша ҳәрекет етип атырғанын тексериўди умытқан.
Саат 13.35.38: 95 дәреже мүйеш астында 65916 номерли Ту-134А усы маркадағы 65735 номерли басқа бир самолёт пенен соқлығысып кетеди. Ҳәр еки самолёт ушыўшылары да қойыў булт себепли, қарсы алдындағы самолёттты көриў имканиятына ийе болмаған. 8300 метр бәлентликте Молдавия самолёты Минскке қараслы самолёттың қанатына келип дүккен. Комаров «Пахтакор» ушып киятырған лайнер басқарыўын 4500 метр бәлентликке шекем герметизация бузылған ҳалатта да услап турған, бирақ, соннан кейин самолёт кескин түрде қулаўды баслаған.
Бул апатшылық туўралы биринши болып сол ўақытта ҳаўада болған АН-2 самолёты экипажы хабар береди: «Куриловка аймағында қулап атырған самолёт бөлеклери көзге тасланбақта. Мениңше бул ТУ-134диң бөлеклери».
Солай етип еки лайнердиң 8400 метр бийикликте дүгисиўи нәтийжесинде 178 адам өмирден биймезгил көз жумды. 9 айдан кейин болып өткен судта
Жуковский ҳәм Сумской үстинен суд қарары жәрияланады ҳәм олар улыўмалық режимде 15 жылға еркинен айырылды.
Бул апатшылықтан көпшилик адамлар аўыр қайғыға түсти. Себеби, сол мәўсимде «Пахтакор» исенимли түрде ойнап, чемпионатта жоқары орынлардың бирин ийелеўге ҳақылы екенлигин дәлийллеп киятырған еди. Ҳәттеки, айырым қәнигелер команданың Еврокубокларда ойнаўы мүмкинлиги ҳаққында болжаған еди.
Соңынан тез арада Ташкентке басқа командалардан футболшылар шақырылып команда өз ойынын даўам етти. «Пахтакор»дың үш мәўсим даўамында жоқары лигадан түсип кетпеўи ушын мүмкиншилик жаратып берилди. Лекин, өмирден көз жумған пүткил бир команданың орнын ҳеш ким ҳәм ҳеш нәрсе баса алмас еди
Баспсөз материаллары тийкарында таярлаған: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.