Кадастр агентлигиниң басламасы менен үш күн даўамында «Мәмлекетлик шөлкемлердеги жумыслардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўде жәмийетшилик пенен байланыслар технологиялары» атамасында семинар-тренинг болып өтти.

Семинарға Кадастр агентлиги ҳәм Мәмлекетлик кадастрлар палатасының Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаяты, район (қала)лық бөлимлери менен филиалларының баслықлары қатнасты.

Семинарда атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта, заман талабына муўапық, барлық тараўларда да усы тараў қәнигелериниң ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўи, өзлери тәрепинен әмелге асырылып атырған илажлардың, реформалардың әҳмийетин халыққа жеткериўде, әҳмийетин түсиндириўде, жетискенликлери менен бирге қәте-кемшиликлерди сәўлелендириўде, жумысты дурыс бағдарлаўда үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

Кадастр тараўы да өзлериниң жумысларын халыққа жеткериўи, орынлардағы машқалаларды шешиўи, жерди, көшпес мүлкти өлшеў мәселеси, кадастр ҳүжжетлерин рәсмийлестириўдиң тәртип-қағыйдалары бойынша ғалаба хабар қураллары менен бирге ислесиўине туўра келеди. Оның унамлы ҳәм нәтийжели болыўы да олардың бул бағдардағы тәжирийбелериниң дәрежесине байланыслы.

Семинарда тараў қәнигелериниң ғалаба хабар қураллары менен ислесиўи,  олардың ораторлық шеберлигин раўажландырыў,  камера алдында сөйлеўдиң тәртип-қағыйдалары ҳәм ғалаба хабар қураллары менен ислесиўде қолланылатуғын нызамлар, сондай-ақ,  провакациялық сораўлар ҳәм жағдайлардан шығыў ҳәм басқа да темаларда теориялық және әмелий билимлер алды.

Семинар-тренинг жуўмағында барлық қатнасыўшыларға сертификатлар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.