Франция командасы ҳәм «ПСЖ» клубы ҳүшимшиси Килиан Мбаппе Париж клубындағы келешеги бойынша соңғы усынысын қабыл етти. Бул ҳаққында «Le Parisien» хабар бермекте.

Дәрекке бола, ҳүжимши командада қалыўға ҳәм ҳеш жаққа кетпеўге қарар етилген. Мбаппе клуб президенти Носир Ал-Хелайфи менен ушырасқан. Сәўбет даўамында ол шәртнамасының ақырына шекем «ПСЖ»да қалыў нийетинде екенлигин айтқан.

Өткен жылдың май айында ҒХҚ Мбаппе «ПСЖ» менен 2024-жылдың жазына шекем шәртнамаға қол қойылғаны ҳаққында хабар берген еди. Соның менен бирге, басқа дәреклер футболшының «Реал Мадрид» пенен шәртнамаға қол қойғанын да мәлим етти. Бирақ бул хабарлар еле өз дәлийлин таппады. Футболшы усы жылдың 31-июль жағдайына бола клубтан кетпеўи ушын «ПСЖ»дан садықлық бонусларын алған.

Өткен мәўсимде Мбаппе «ПСЖ» қурамында 34 ойында майданға түсип, 29 гол урған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги