Нөкис қаласындағы «Массагет» мийманханасының конференцзалында Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен еки күн даўамында «Ҳаял-қызларды гендер зорлықтан қорғаў: психологиялық ҳәм ҳуқықый жәрдем тийкарлары» ҳәм «Ҳаял-қызларға қаратылған зорлыққа жуўап ретинде хызметлерди усыныўда ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайлары ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлердиң уйымлараралық бирге ислесиўи» атамасында тренинг өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайының «Гендер зорлыққа жуўап ретиндеги илажларды әмелге асыратуғын шөлкем ҳәм мәкемелердиң дәрежесин күшейтиў арқалы ҳаял-қызларды гендер зорлықтан қорғаў» жойбары шеңберинде шөлкемлестирилген илажда орынлардағы ҳаял-қызларды реабилитациялаў ҳәм бейимлестириў орайлары, пуқаралар жыйыны жанындағы ҳаял-қызларды социаллық бейимлестириў ханаларында жумыс алып баратуғын психологлар, юристлер, мәмлекетлик емес коммерциялық шөлкемлердиң жуўапкер ўәкиллери қатнасты.

Тренингтиң мақсети – гендер зорлыққа уйымлараралық жуўап бериўдиң стандарт операциялық жумыс тәртип-қағыйдаларын есапқа алған ҳалда психологлар ҳәм юристлердиң гендер зорлықтан жәбирлениўшилерге сапалы мәсләҳәт хызметлерин усыныўы бойынша дәрежесин арттырыў болып есапланады.

Пуқаралық басламаларды қоллап-қуўатлаў орайы Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң директоры Г.Жоллыбекова тренинг даўамында гендер зорлыққа уйымлараралық жуўап бериўдиң  тийкарлары,  гендер зорлықтан жәбирлегенлер менен ислесиўдиң тийкарғы принциплери туўралы мағлыўматлар берди.

Гендер зорлыққа жуўап ретиндеги илажларды әмелге асыратуғын система ҳәм ондағы ҳаял-қызларды реабилитациялаў орайлары, социаллық бейимлестириў ханаларында жумыс алып баратуғын психологлардың жумыслары додаланды. Сондай-ақ, қатнасыўшыларға гендер зорлықтан жәбирлениўшилерге психологиялық хызмет көрсетиўдиң тәртип-қағыйдалары түсиндирилип, қатнасыўшылар тәрепинен зорлық жағдайларын анықлаў, кризислик жағдайларда дурыс мәсләҳәт бериў, шаңарақтағы зорлықтан жәбирлениўшилердиң жағдайының өзине тән өзгешеликлерин есапқа алған ҳалда психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәт бериў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж интерактив усылында өткерилип, қатнасыўшылар ҳәр қыйлы ойынлар, презинтациялар, ўақыяларды додалаўлар арқалы гендер теңликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысларды жеделлестириў мәселелери дөгерегинде өз-ара пикир алысып, қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.