Усы күнлери Беларусь Республикасының 11 қаласында спорттың 20 түри бойынша II Ғәрезсиз Мәмлекетлер дослық аўқамы ойынлары болып өтпекте.
Оған Россия, Беларусь, Өзбекстан, Әзербайжан, Армения, Қазақстан, Түркменстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Иран, Египет, Куба, Оман, Бирлескен Араб Әмирликлери, Ливан, Монголия, Малайзия, Пакистан, Кувейт, Бахрейн ҳәм Вьетнам мәмлекетлеринен 4 мыңнан аслам спортшылар қатнаспақта.
Онда табыслы қатнасып атырған Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 10-август сәнесине келип 9 алтын, 13 гүмис ҳәм 32 қола медалы менен 3-орынды ийелеп келмекте.
Ал, бул ойынларда 89 алтын, 55 гүмис ҳәм 33 қола медалын ийелеген Россия сайланды командасы биринши, 29 алтын, 41 гүмис ҳәм 76 қола медалын қолға киргизген беларуслы спортшылар екинши орынларды ийелеп тур.
4-5-орынларды болса, Әзербайжан ҳәм Армения сайланды командалары ийелеп киятыр.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақ хабар агентлиги шолыўшысы.