Президент Шавкат Мирзиёев 10-август күни Бухара ўәлаятына жөнеп кетти.

Сапар даўамында экономиканың раўажланыўы ҳәм мәҳәллелердиң турмысы менен танысыў, санаат кәрханаларын көриў ҳәм жаңаларын иске қосыў режелестирилген.

Сапардың екинши күни мәмлекетимизде тәбийғый газ ҳәм электр энергиясынан ақылға уғрас пайдаланыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ҳәм инфляцияны жылаўлаў мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткериледи.

ӨзА