«Ишга марҳамат» моноорайы 2021-жылдың июнь айында өз жумысын баслаған еди. Ҳәзирги ўақытта орайдың Нөкис қаласында еки, Қоңырат районында бир филиалы жумыс алып бармақта.

Орайдың тийкарғы мақсети – жумыссыз ҳәм жумыс излеп атырған пуқараларды, сондай-ақ, белгиленген тәртипте сырт еллерде ўақытша жумыс ислеў ушын кетип атырған пуқараларды кәсип-өнерге, исбилерменликке бағдарлап, шет тиллерин оқытыўдан ибарат.

Орайдың тийкарғы ўазыйпалары бәнт болмаған пуқараларды сервис ҳәм хызмет көрсетиў, техника, улыўма қурылыс, аўыл хожалығы тараўлары, санлы технологиялар, ишки ҳәм сыртқы мийнет базарында талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ҳәм кәсиплик көнликпесин арттырыў болып есапланады. Моноорайдың жумыслары ҳәр жылы жетилистирилип, бүгинги күнде пуқараларымыздың кәсип үйрениўи, олардың заманға ылайық талап жоқары болған қәнигеликлерден хабардар болыўы, өз жумысын баслаўы ҳәм жумыс табыўы ушын кең мүмкиншиликлер жаратпақта.

– 2021-жылы моноорай 4 бағдар бойынша, 14 кәсипке оқытыў, 3 шет тиллери (инглис, рус, корейс тиллери) ҳәм 2 мәлимлеме технологиялары IT тараўлары бойынша оқыў курсларына жәми 1128 пуқараны оқыўға қамтып алды,-дейди орай директорының биринши орынбасары Рустем Қалжанов. – Ал, 2022-жылы мийнет базарында талап жоқары болған балықшылық, жас балалар ушын тәрбияшы жәрдемшиси, заманагөй перде тигиўши ҳәм дизайнер, график дизайнер, веб-программист кәсиплери менен биргеликте япон тилине оқытыў да жолға қойылды. Өткен жылы 18 кәсипке оқытыў, 4 шет тиллери (инглис, рус, корейс, түрк тиллери) ҳәм 6 мәлимлеме технологиялары IT тараўлары бойынша оқыў курсларына жәми 3122 пуқара оқыўға қамтып алынды.

2023-жылдың 6 айы даўамында кәсипке оқытыў бағдарында миллий қуўыршақларды таярлаў, автомобильлерге сервис хызметин көрсетиў кәсиплерине оқытыў да жолға қойылды. Усы дәўирде 20 кәсипке оқытыў, 5 шет тиллери (инглис, рус, корейс, япон ҳәм түрк тиллери) ҳәм 6 мәлимлеме технологиялары IT тараўлары бойынша оқыў курсларына жәми 3557 пуқара оқыўға қамтып алынды. Cоның 29 проценти ер адамлар, 71 проценти ҳаял-қызлар. Солардың ишинде жаслар 62,7 процентти қурайды. Оқыўға  тыңлаўшылардың 74 проценти халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайларының жолламасы, 26 проценти шәртнама тийкарында қабыл етилди.





2023-жылдың 31-июль жағдайына қамтып алынған жәми 3557 пуқарадан 2176 сы оқыўды тамамлап, кәсиплик сертификатларына ийе болған болса, қалғаны оқыўын даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги