Президент Шавкат Мирзиёев 1-август күни пайдалы қазылмалар резерви ҳәм өндирис көлемин көбейтиўге байланыслы презентация менен танысты.

Мәмлекетимизде геология тараўына үлкен итибар қаратылып, заманагөй технологиялар енгизилгени нәтийжесинде жер асты байлықларын анықлаў көлеми кеңейди. Оларды қазып алыў ҳәм қайта ислеў жойбарларына сырт елли инвестициялар кирип келмекте.

Атап айтқанда, кейинги алты жылда каолинди қайта ислеў бойынша 148 миллион доллар муғдарында 15 жаңа жойбарлар иске қосылған. Нәтийжеде таяр өним ислеп шығарыў көлеми дерлик 2 есеге көбейип, экспорт 65 миллион долларға жеткен. Усы дәўирде көмир қазып шығарыў көлеми 1,4 есеге артып, 5,4 миллион тоннаға жеткен.

Презентацияда усы тараўдағы, соның ишинде, көмир, каолин ҳәм уран көлемин арттырыўға қаратылған режелер ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап өтилгениндей, усы жылы 6,7 миллион тонна көмир қазып алыў режелестирилген.

Каолин бойынша баҳасы 620 миллион доллар муғдарында 33 жойбар әмелге асырылмақта. Оннан жоқары қосымша қымбат баҳалы өнимлер ислеп шығарыў есабынан усы жылы экспортты 81 миллион долларға, 2030-жылға келип 180  миллион долларға жеткериў мөлшерленген.

Сондай-ақ, уран резервин көбейтиў бойынша сырт елли компаниялар менен биргеликте геология-излеў жумыслары даўам еттириледи.

Мәмлекетимиз басшысы жуўапкерлерге бул бағдарларда нәтийжелиликти буннан былай да арттырыў имканиятларын көрсетип өтти. Шийки зат базасы, сийрек ушырасатуғын технологиялар ҳәм кадрлар потенциалынан үнемли пайдаланып, өнимлердиң көлемин көбейтиў ўазыйпасы қойылды.

Сурхандәрьядағы таскөмир бойынша 5 перспективалы майданды жеке меншик секторға берип, геология-излеў жумысларын жеделлестириў, Ангренде қазып алынатуғын көмирдиң сапасын жақсылаў ҳәм таңлап алыў технологияларын енгизиў бойынша көрсетпе берилди.

Жаңа каолин кәнлерин табыў ҳәм ақ каолин резервин 200 миллион тоннаға жеткериў, оны қайта ислеў жойбарларын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Гидротермал ҳәм қара сланецли уран кәнлерин өзлестириўге сырт елли инвесторлар тартылатуғыны белгиленди.

ӨзА