Усы жылдың 1-август күни халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис бесинши сессиясы болып өтти.

Сессияның күн тəртибинде шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Сессияда район ҳәкими лаўазымына Айбек Камаловты тайынлаў мәселеси көрип шығылды. Усынылған талабанды районлық Кеңестиң бир қатар депутатлары қоллап-қуўатлап, шығып сөйледи.

Сессияда Айбек Кудабаевич Камалов Кегейли районы ҳәкими лаўазымына тастыйықланды.



А.Камалов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасында, Өзбекстан Республикасы Салық комитетинде, соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқық ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил аппаратының Қарақалпақстан Республикасы бойынша сектор баслығы лаўазымларында нәтийжели жумыс алып барған.

Өз гезегинде А.Камалов билдирилген жоқары исенимди ақлаўға, билим ҳәм тәжирийбесин Кегейли районын ҳәр тәреплеме раўажландырыўға, әсиресе, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға, халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыўға, исбилерменликти раўажландырыў арқалы қосымша жумыс орынларын жаратыўға жумсайтуғынлығын билдирди.

Усының менен халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң гезексиз жетпис бесинши сессиясы өз жумысын жуўмақлады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги