Қәдирли ўатанласлар!

Cиз, әзизлерди, пүткил Өзбекстан халқын 30-июль – Халықлар дослығы күни менен қызғын қутлықлап, бәршеңизге өзимниң жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.

Көп миллетли халқымыз – бизиң ең үлкен байлығымыз, елимиздеги миллетлер ҳәм конфессиялараралық аўызбиршилик – барлық жетискенликлер ҳәм шеклеримиздиң беккем тийкары болып есапланады.

Әзел-әзелден өзиниң дослық ҳәм кеңпейиллик дәстүрлери менен абырай-мәртебеге ерискен ески ҳәм бийтәкирар Өзбекстан жеринде ҳәзирги ўақытта 130 дан аслам миллет ҳәм халық ўәкиллери өз-ара тыныш ҳәм аўызбиришиликте жасап, елимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қоспақта, 16 конфессияға тийисли диний шөлкемлер, 38 дослық жәмийети ҳәм 153 миллий мәдений орай еркин жумыс алып бармақта.

Мәмлектимиздеги мәмлекетлик билимлендириў мәкемелеринде оқыў-тәрбия процесслери 7 тилде алып барылмақта, туўысқан тилде мектеплерде билим алып атырған перзентлеримиз мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленбекте.

Барлық аймақларымыздағы «Дослық үйлери» түрли миллетке тийисли пуқаралар арасында дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеўде әҳмийетли орын ийелейди.

Сырт мәмлекетлерде жасап атырған ўатанласларымыз бенен байланысларды күшейтиўге қаратылған кең көлемли жумысларымыз ҳәм Өзбекстанның дослық ҳәм инсаныйлық дияры сыпатында абырайын арттырыўға хызмет етпекте.

Бүгин – бул қуўанышлы байрамда «Халықлар дослығы» фестивалы шеңберинде өткерилип атырған түрли мәдений-ағартыўшылық ҳәм илимий-әмелий илажлар турмысымыз қағыйдасына айланған «Өзбекстан – улыўма үйимиз» деген идея әҳмийетли принципти және де кеңнен раўажландырыўда шексиз әҳмийетке ийе екенин әлбетте, бәршемиз жақсы түсинемиз.

Жақсы дәстүримизге муўапық, миллетлераралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеў, жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған өз-ара аўызбиршилик ҳәм мийрим-шәпәәт орталығын қәстерлеп сақлаў, миллий мәдений орайлардың жумысын раўажландырыў бағдарындағы үлкен хызметлери ушын түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери болған ўатанласларымыз усы жылы да мәмлекетимиздиң орден ҳәм медальлары менен сыйлықланды. Бүгинги имканияттан пайдаланып, олардың ҳәммесин қызғын қутлықлайман.

Ҳүрметли дослар!

Биз миллетлер ҳәм конфессиялар арасында татыўлықты, миллети, тили, дини ҳәм  социаллық келип шығыўына қарамастан, ҳәр бир Өзбекстан пуқарасының ҳүждан еркинлигин тәмийинлеўге қаратылған сиясатымызды буннан былай да избе-из даўам еттиремиз.

Улыўмахалықлық референдумда қабыл етилген Тийкарғы Нызамымызда беккемлеп қойылған қағыйда ҳәм нормалар тийкарында мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ролин арттырыў, олардың ҳуқықларын кепиллеў арқалы пуқаралық жәмийети институтларын раўажландырыўға айрықша итибар қаратамыз.

Усы жерде, кейинги алты ярым жылда Өзбекстанның ишки ҳәм сыртқы сиясатында үлкен унамлы өзгерислер әмелге асырылғанлығын атап өтиў керек. Буны дүнья жүзи жәмийетшилигиниң ўәкиллери, халықаралық экспертлер, түрли мәмлекетлердиң сиясий ғайраткерлери ҳақлы түрде тән алмақта.

Орайлық Азия регионындағы қоңсы мәмлекетлер менен дослық байланыслар қайта тикленип, әзелий туўысқанлық ҳәм дослық дәстүрлери жаңа басқышта даўам еттирилип атырғанын халықларымыздың ийгиликли арзыў-нийетлери әмелге асырылып атырғанынан дәрек береди.

Қәдирли ўатанласлар!

Бул гөззал байрам ҳақыйқый дослық ҳәм кеңпейиллик ели болған жанажан Өзбекстанымызды дүнья жүзине және кеңнен танытыўға хызмет етеди, деп исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерди, пүткил халқымызды және бир мәрте Халықлар дослығы күни менен қызғын қутлықлайман.

Бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт ҳәм әўмет, шаңарақларыңызға тынышлық-парахатшылық, қут-берекет тилеймен.

Муқаддес Ўатанымыз – Өзбекстанымыз гүллеп-жаснасын, бәрқулла тыныш ҳәм турақлы болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти