«Қарақалпақстан Республикасының халқын социаллық қоллап-қуўатлаў ҳәм физикалық шахслар тәрепинен қурылған турақ жайларға болған ҳуқықларды тән алыў ҳаққында»ғы Президент Пәрманы (ПП-119-санлы, 28.07.2023-ж.) қабыл етилди.

Пәрманға бола, Қарақалпақстан Республикасы аймағында пуқаралардың ҳуқық белгилеўши ҳүжжетлерсиз қурылған турақ жайлары жайласқан жер участкасына ижара ҳуқықы, онда жайласқан имарат ҳәм объектлерге мүлк ҳуқықы тән алынады.

Соның ишинде, оның ушын пуқара бул турақ жайдан 2018-жыл 1-майға шекемги дәўирден баслап өзиники ҳадал, ашық-айдын ҳәм үзликсиз пайдаланған болыўы, бул жағдай космикалық сүўретлерди қайта ислеў арқалы ҳәм соңғы 5 жыл ушын жер салығы ҳәм мүлк салығы төленгенлиги менен тастыйықланған болыўы керек.

Ҳуқықларды тән алыў халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарарлары менен тастыйықланатуғын турақ жайлар дизимине муўапық Жоқарғы Кеңес қарары менен рәсмийлестириледи.

Онда, талабанлар ҳәм (ямаса) шегаралас жер участкаларының ийелери арасында келиспеўшилик болған жағдайларда, халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслериниң қарарлары келиспеўшилик сапластырылғанынан кейин қабыл етиледи;

Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери тәрепинен қарарлар қабыл етиў ҳәм оларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиўдиң ақырғы мүддети – 2024-жыл 1-август болып есапланады;

Халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслери ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қарарлары тийисли әдиллик уйымында ҳуқықый экспертизадан өткерилгеннен кейин қабыл етиледи ҳәм рәсмий жәрияланғанынан кейин күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги