Қоңырат районында усы жылдың 29-апрель күни саат 13:00 лер шамасында Беруний районында жасайтуғын С.Нурымбетов Лада Ларгус автомашинасын А-380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Қоңырат-Бейнеў» жолының 1035-километринде басқарып баратырған ўақтында басқарыўды жоғалтып, жолдың шетине аўдарылды. Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы ИИМ жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар басқармасы хабар бермекте.

Ҳәдийсе ақыбетинде транспорт басқарыўшысы С.Нурымбетов ҳәм жолаўшы Ш.Шамуратов жарақатланып, емлеўханаға жатқарылды.

Көрсетилген медициналық жәрдемлерге қарамастан, олар өмирден көз жумды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги