Усы жыл 26-июль күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев орынларға бириктирилген коммуналлық хызмет көрсетиўши кәрханалар ҳәм теплица хожалықлары басшылары менен ушырасты.


Ушырасыўда дәслеп бүгинги күнде республикамыз аймағында коммуналлық хызмет көрсетиў, орынлардың тазалығын сақлаў, пуқараларға турмыслық шығындылар менен байланыслы хызмет көрсетиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм бул бағдарда жол қойылып атырған қәте-кемшиликлер атап өтилди. Сондай-ақ, бүгинги күнде хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен пуқаралардың қарыздарлықларын өндириў бойынша жумыслар қанаатландырарлы дәрежеде алып барылмай атырғанлығы ҳәм басқа да усы сыяқлы машқалалар сөз етилди.

Соның менен бирге, халқымызға коммуналлық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бағдарында ҳәм қандай илажлар көрилиўи кереклиги бойынша кәрхана басшыларының пикир-усыныслары тыңланды. Өз гезегинде хызмет көрсетиўши кәрханалар тәрепинен бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилди.



Мәжилис даўамында теплица хожалықларын көмир жанылғысына өткериў мәселелери талқыланды. Онда қыстың қыраўлы күнлеринде теплица хожалықларынан күтилгениндей өним алыў, буның ушын турақлы түрде ыссылық пенен тәмийинлениўин нәтийжели жолға қойыў, ҳәр қандай ҳаўа-райының қырсықлықларына таяр турыў, бүгинги күн талабы болған көмир жанылғысына хожалықларды өткериў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар белгилеп алынды.

Мәжилиске Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги