Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен 24-июль күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўинде еки тәреплеме қатнасықлар күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер додаланды.
Сөйлесиў алдында Россия жетекшиси мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, Өзбекстанның турақлы раўажланыўы жолындағы жумысында табыслар тиледи.
Мәмлекет басшылары өз-ара пайдалы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди және де кеңейтиў, товар алмасыў пәтин тәмийинлеў ҳәм санаат кооперациясы бойынша әҳмийетли жойбарларды әмелге асырыў мәселелерин додалады.
Аймақлараралық дәрежедеги сөйлесиў ҳәм алмасыўларды нәтийжели даўам еттириў зәрүр екенлиги де атап өтилди.
Регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысылды.
ӨзА