Нөкис қаласындағы 1-санлы балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Баслығының кубоги ушын “Парламент ойынлары” спорт жарысларының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң арнаўлы қарарына муўапық, сенаторлар ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслери депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары арасында дәстүрий тәризде өткерилип киятырған жарыс қатнасыўшылары мини футбол, волейбол, стол тенниси ҳәм бадминтон бойынша беллести.
Жарыстың ашылыў салтанатында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары Р.Сапарбаев шығып сөйлеп, қатнасыўшыларға әўмет тиледи ҳәм халқымыз арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде спорттың әҳмийетин айрықша атап өтти.
Жоқары дәрежеде көтериңки руўхта өткерилген жарыста қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, Жаслар парламенти ағзалары, Жоқарғы Кеңес аппараты хызметкерлери өзлериниң белсендилигин көрсетти.
Жарыс жуўмағында жеңимпазлар, сыйлы орын ийелери шөлкемлестириўшилер тәрепинен баҳалы саўғалар менен сыйлықланып, Хорезм ўәлаяты менен болып өтетуғын аймақлық басқышқа жолламаны қолға киргизди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги