Елимизде соңғы жылларда жаслардың спортқа болған қызығыўшылығын арттырыў, олардың спорт пенен шуғылланыўы, сол арқалы денсаўлықларын беккемлеўи ушын бир қатар илажлар әмелге асырылып, қала ҳәм аўылларымызда спорт мектеплери, стадионлар, спорт майданшалары салынып шараятлар жаратылмақта.

Бүгинги илажда да және бир спорт түри менен шуғылланыўшы жасларымызға үлкен саўға берилди.

Нөкис қаласындағы 1-санлы спорт мектебинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 29-июльдағы «Taekwondo (WT) спорт түрин және де раўажландырыў илажлары ҳаққындағы» қарарына муўапық, Қарақалпақстан Республикасында  Taekwondo (WT)  спорт түрин және де раўажландырыў, спортшылардың шуғылланыўы ушын жетерли дәрежеде имканиятлар жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Taekwondo WTF  федерациясына электроникалық сенсор протекторы, шлем ҳәм даян (спорт гилеми) сыяқлы бир қатар спорт инвентарлары тапсырылды.

Усы спорт инвентарларын тапсырыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адилбек Алланазаров, Қарақалпақстан Taekwondo WTF  федерациясының директоры Роберт Ким  ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде спортты раўажландырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған илажларға, тапсырылып атырған бул инвентарлардың әҳмийетине тоқтап өтти.






– Алдынлары жарыслар ўақтында басқа ўәлаятлардан электроникалық сенсор протектор, шлем алып турып пайдаланатуғын едик. Ал, енди болса, усы затлардың бәри өзлеримизде бар,-дейди Роберт Ким.  – Усы спорт инвентарларын алыўда жақыннан жәрдем берген Өзбекстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адҳам Икрамов, Өзбекстан Taekwondo (WT)  Ассоциациясының баслығы Шерзод Тошматов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жаслар сиясаты ҳәм спорт министри Адилбек Алланазаровларға өз миннетдаршылығымызды билдирип қаламыз.

Қарақалпақстанда усы спорт түрин еле де раўажландырып, жақсы нәтийжелерге ерисемиз, деп исеним билдиремиз.

 

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги