Усы жылдың 14-20 июль күнлери аралығында Монголия мәмлекетиниң пайтахты Уланбатор қаласында болып өткен жиу-житсу бойынша жәҳән чемпионатында қарақалпақстанлы Гүлнур Муратбаева үшинши орынды ийелеп, қола медалын қолға киргизди.
-Бул спортшыларымыздың жәҳән ареналарындағы дәслепки жеңиси, -дейди Өзбекстан жиу-житсу федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Н.Қайпов,-Гүлнур май айында өткерилген Өзбекстан чемпионатында биринши орынды ийелеп, усы жылдың октябр айында Қытайдың Ханчжоу қаласында болып өтетуғын Азия ойынларына жоллама алған еди. Жәҳән чемпионатында ол Тайланд, Монголия ҳәм Қытай мәмлекетлериниң күшли спортшылары үстинен жеңиске ерисип, жуўмағында үшинши орынды қолға киргизди. Спортшымызды бул жеңиси менен қутлықлап, алдағы жарысларда әўмет тилеймиз.
Еслетип өтемиз, спортшымыз усы жыл 25-июль күни республикамызға қайтып келеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги