27-апрель күни Бердақ атындағы  Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында Өзбекстан мәмлекетлик академиялық халық сазлары оркестри жәмәәти республикамызда өткерилетуғын «Бәҳәр нәпеси» халықаралық көркем өнер фестивалы қатнасыўшылары  болды.

Онда халық сазлары оркестриниң көркемлик жақтан басқарыўшысы ҳәм бас дирижёры Дилшод Мамутовтың басшылығындағы жәмәәт қарақалпақ, өзбек ҳәм жәҳән классикалық музыкаларынан ибарат компазицияларды жыйналғанлар нәзерине усынды.

Әсиресе, қарақалпақ халық намасы «Қарадәли», «Қаражорға», сондай-ақ, жерлесимиз Алишер Наўайы атындағы мәмлекетлик академиялық опера ҳәм балет үлкен театрының жеке атқарыўшысы Өтемис Жуманиязовтың атқарыўындағы «Ўатан деген» (И.Юсупов сөзи, Қ.Зәретдинов намасы) компазициялары тамашагөйлердиң шексиз алғысына миясар болды.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министри қатнасты.

Мағлыўмат орнында айтып өтетуғын болсақ, усы жыл 10-14-апрель күнлери аралығында Муқимий атындағы Өзбекстан мәмлекетлик музыкалы театры усы фестиваль қатнасыўшысы болған еди. Солай етип, фестиваль өз жуўмағына жетти.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы.