Испанияның Marca басылымы усы жазда «Барселона» командасы қатарынан кететуғын 4 футболшыны жәриялады. Олар бас тренер Эрнесто Вальвердениң исенимин жойтып, команданың «қара дизими»не кирген.

Басылымда жазылыўынша, командадан усы жазда Андре Гомеш, Алейш Видаль, Люк Динь ҳәм Йерри Мина кетиўи мүмкин. Олар өзлерине жаңа команда излестириўди баслап жиберген.

Андре Гомеш ҳәм Алейш Видаль соңғы 11 ойында тийкарғы қурамда ойынға түспеди. Еки ойыншыға да мүмкиншилик берилгени менен, өзлериниң жақсы тәреплерин көрсете алмады. Люк Динь болса каталониялы клубтың ойынларында жақсы ойнай алмай жүрген футболшылар қатарында. Йерри Мина да тәжирийбе топлаў ушын Европаның басқа командаларының биринде ўақытша ойнаўы мүмкин.

Sports.es басылымы Андре Гомеш «Барселона»дан биротала кеткиси келип жүргени ҳаққында жазған. Бул футболшыны каталония клубы 2016-жылы «Валенсия»дан 35 миллион евроға сатып алған еди. Португалиялы ярым қорғаўшыға Туринниң «Ювентус» клубы қызығыўшылық билдирмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.